Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.03.2018 12:35
  • 300

Есимқан Қанаатов: Арал теңизиниң суўлары Кәспийге қарай аққан. Биз буны дәлиллемекшимиз

Есимқан Қанаатов: Арал теңизиниң суўлары Кәспийге қарай аққан. Биз буны дәлиллемекшимиз Усы жылдың 14-март сәнесинде пайтахтымыздағы Жаслар орайында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң басламасы менен шөлкемлестирилген Жаслар пресс клубының 3-сессиясында қатнасқан Қарақалпақстан хабар агентлигиниң директоры Е.Қанаатов агентликтиң басламасы менен жақын арада Арал теңизине және бир мәрте медиатур шөлкемлестириў нийетинде екенлигин билдирди. Бул медиатур даўамында Арал теңизи суўларының Кәспийге қарай аққанлығын дәлиллеў баслы мақсет болады. - Халқымыз арасында “Аралдың балығы Кәспийден табылды” деген гәп жүреди. Бул бийкарға айтылмаған. Негизи Арал бурыннан Кәспийге ағып турған. Теңиз суўының Кәспийге аққанлығын дәлиллейтуғын үлкен суў жолы бар. Биз буның ҳақыйқат екенлигин медиатурда дәлиллемекшимиз, - дейди Е.Қанаатов. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuzИслам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар