Қолына ракетка усламаған яки болмаса телевизор арқалы теннисшилер жарысын көрмеген жигит-қызлар кем табылады. Ҳақыйқатында да теннис балалар ҳәм үлкен жастағы инсанлардың қызығатуғын ойыны. Бул ойын 19-әсир ақырларында Уллы Британияда пайда болған ҳәм дәслеп лаун-теннис деп аталған.
Ойынды тек ғана еки ямаса төрт адам ойнаўы мүмкин. Ойын узағы менен үш ямаса бес турдан ибарат болады ҳәм ақ сызық пенен белгиленген тегис майданда ойналады. Ойын майданы топырақ, қумлы, асфальтлы, бетон семент ўки болмаса ағаш пенен қапланған болыўы мүмкин.
Ташкенте ең биринши мәрте теннис майданшасы 1903-жылы чехиялы Ван Драчек басшылығында қурылған. Дәслепки ўақытлары теннис пенен тийкарынан тийкарғы ҳалық емес бәлки, фабрика-завод ийелери ҳәм де жоқары дәрежедеги инсанлар ғана шуғылланған.
Ғәрезсизлик жылларында дене тәрбиясы ҳәм спортқа үлкен итибар қаратылды. Спорттың мәмлекет сиясаты дәрежесине шекем көтерилгенлиги мәмлекетимизде теннистиң тез пәт пенен раўажланыўына имканият жаратты. 1994-жылы Өзбекстанда профессионал теннисшилердиң «Президент кубогы» халық-аралық турнирына тийкар салынды.
САХИБЖАМАЛ ЕСЕМУРАТОВА