Немис композиторы, пианинашы ҳәм дирижёр Людвиг Ван Бетховен ҳаққындагы айрым мағлыўматларды келтирип өтсек. Әлбетте, еситиў қәбилети музыкант ушын жүдә әҳмийетли. Бирақ, Людвигте еситиў қәбилетиниң жоғалыў белгиси биринши мәрте 26 жасында сезиле баслаған. Бул ҳаққында ол 1801-жылы өзиниң достысына жазған хатында айтып өтеди.
Және де буны адамларға айтыў ол ушын жүдә аўыр екенлигин, сол себепли еки жылдан берли жәмийеттен узағырақ жүриўге ҳәрекет етип атырғанлығы, егер басқа кәсип ийеси болғанында бул ҳәдийсени өзи ушын оншелли дәрежеде аянышлы қабыл етпейтугынлығын, бирақ та музыкант ушын буның жүдә аянышлы жағдай екенлигин айтып өтеди.
Және бир қызықлы факт: Людвиг Ван Бетховен әдетте ҳәр күни музыка жаратыў ушын столға отырыўдан алдын, муздан ибарат болған суў ыдысқа басын салып отыратуғын болған. Бул Бетховен ушын әдетке айланып қалған еди, себеби композитор бул әдеттен өмириниң ақырына шекем бас тартпаған. Солай да музыка дүньясында мәнги из қалдырған Бетховенниң дөретпелери бизиң ҳәм Сизиң өмириңиздиң мазмунына айланған десек болады.
Сахибжамал Есемуратова