
Инсанның характерин қәтесиз анықлаў ушын, әлбетте, үлкен тәжирийбе керек болады. Графологлар инсанның характерин анықлаў ушын еки беттен кем болмаған жазыўлар керек екенлигин айтып өткен. Себеби, биринши бетте инсанлар тәбийий көринисте жазып береди. Бунда дәслеп текстте не ҳаққында жазылғанына дыққат қаратыў керек.
1-ФАКТ. Аўыр басық, алдына анық бир мақсет қойып, соған қарай ҳәрекет етиўши инсанлар жазыў ушын ең дәслеп таза қағаз алады екен.
2-ФАКТ. Жақсы, күшли, пысық ҳәм дурыс пикирлеўши инсанлардың қол таңбасында ҳәриплери домалақ, тик көринисте, яки болмаса, оң тәрепке бираз қыйсайған көринисте болыўы да мүмкин.
3-ФАКТ. Оптимист ҳәм ҳәзилкеш инсанлардың қол таңбасы жазыўдың кейнине қарай жоқары көтерилип кеткен болады. Бундай инсанлар орталыққа тез бейимлесиўшең болып келеди. Егер текст анық емес, оқып болмайтуғын дәрежедеги ҳәриплер менен басланған болса, яғный, ҳәриплери бир-бирине тең емес, биреўи үлкен, биреўи кишкене болса, ондай инсанлар менен абайлап қатнаста болың. Егер жазыўы төменге қарай түсип кеткен болса, бундай қол таңба ийелери писсимист болады.
4-ФАКТ. Егер ҳәриплери бир тәрепке қыйсайған болса, ондай инсанлар өзгериўшең болады.
5-ФАКТ. Абайлап ҳәрекет етиўши, жүдә итибарлы, майда, ҳәмме нәрсеге гүман менен қараўшы инсанлардың қол таңбасы төменге бир тәрепке жыйналған көринисте болады. Егер ҳәриплери онша үлкен емес, олардың аралықлары онша узақ болмаса, бундай инсанлар қызғаншақ болып, ҳәр исте есапласып жүреди. Олар өзине дыққат қаратпаўға ҳәрекет етеди.
6-ФАКТ. Бир-бирине қосылмаған, майда, таза, анық қол таңба сулыў болады. Бундай қол таңба ийелери кек сақлаўшы, иши қара, әтираптағыларға жудә қаттықол ҳәм ҳәрдайым ҳәммеден наразы болып жүреди.
7-ФАКТ. Ҳәриплери оң тәрепке қарай бираз қыйсайған көринисте болса, ондай инсанлар әтираптағылар менен дослық мүнәсибетте болады. Усы көринисте жазатуғын инсанлар өзлериниң сезимлерин басқара алады. Әтираптағы инсанлар менен татыўлықта жасайды. Олар менен шын кеўилден сәўбетлеседи. Бирақ, бундай инсанлардың да кемшиликлери бар. Олар жүдә кек сақлайды. Тез-тез әтираптағы инсанларының кеўлин қалдырады.
Бул мағлыўматлардың даўамын кейинги мақалада берип барамыз.
Интернет материалы тийкарында таярлаған: Сахибжамал Есемуратова