Қазақстан Республикасының пайтахты Астана қаласында жергиликли турғынлар ҳәм сырт елли мийманлар ушын информация бериў мақсетинде, қазақ халқының белгили шайырлары, илимпазлары ҳәм жазыўшылары ҳаққында плакатлар қыстырылған.
Бәндиргилердиң биринде белгили алым Шоқан Ўәлиханов ҳаққындағы плакаттағы қәте мағлыўматлар Астана турғынларының наразылығына себепши болмақта, деп
жазады Nur.kz.
Плакатта көрсетилиўинше, Шоқан Ўәлиханов 1835-1965-жыллар аралығында – жәми 130 жыл өмир сүрген. Сайтта жазылыўынша, Астана турғынлары бул ҳәрекетти қатаң сынға алып, «Бир әсирден аслам өмир сүрип, Дантес пенен дуэльде қайтыс болған», «Ол Екинши жер жүзилик урысқа да қатнасып үлгерген екен» деген пикирлерди билдирмекте.
Глобаллық тармақ пайдаланыўшыларының айрымлары болса плакаттағы адамға қарата қолланылған «Folklore» деген инглисше сөздиң қәте жазылғанына дыққат аўдарып, «Не қылған фольклор? Фольклор не адам ба?» деген пикирлерди билдирген.