
Өзбек эстрада қосықшысы, «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Бунёдбек Саидов бүгин 8-июнь күни Нөкис қаласындағы «Туран» стадионында концерт бағдарламасын берди. Концерт бағдарламасынан алдын болса «Нөкис FM» радиосында Айшолпан Оразымбетова менен сәўбетлести, тыңлаўшылардың сораўларына жуўап берди. Бунёдбектиң айтыўына қарағанда, ол концерттен түскен барлық қаржыларды Ҳиндстанда болатуғын операциясы ушын қаржы топлап атырған Қоныратбай Есбосыновтың есап бетине өткериўин айтып өтти.


Сахибжамал Есемуратова
фото: Айшолпан Оразымбетова