Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.03.2018 13:50
  • 2125

Әл ҳаўада ушып жүрген бүркит, өлип жатырған қарсақ, көкке бой созып киятырған жуўсан – Үстирттиң жабайы тәбияты (дебдиў)

Алдын хабар бергенимиздей, 22-март күни Қарақалпақстанның бир топар журналистлери Үстирттеги Барсакелмес дуз кәнине медиатур шөлкемлестирди.
Медиатурда KarInform.uz сайты атынан қатнасып, Үстирттиң жабайы тәбиятының айрым үлгилериниң гүўасы болдым.




Дуз кәни жанындағы чинклерге саяхат еткенимизде ол жерде бүркиттиң уясы бар екенлигин ҳәм оның төбесинде ана бүркит көкке пәрўаз етип, уясын қорғап жүргенин көрдик.



Қус уясы чинктиң адам аяғы жетпейтуғын бийик жеринде екен. Бирақ, чинктиң төбесине шықсаңыз оны көриў қолайлы болатуғынлығы көринип тур еди.



Ал бүркит уясының туўрысында, чинктиң етегинде өлип жатырған қарсақтың денесин көрип ҳайран болдық. Оның өлимин ҳәр ким түрлише жорыды. Мениң ойымша, қарсақ чинктиң төбесинен бүркиттиң уясына келмекши болғанда оған ана бүркит топылып, палапанларын қорғап, қарсақты төбеден түсип кетиўге себепши болған болыўы мүмкин.
Биз де бүркитти сескендирмеў, жабайы тәбиятқа ҳазар бермеў мақсетинде оның уясына жақын бармадық.
Чинк етеклеринде болса Үстирт өсимлиги – жуўсанның өсип енди ғана жасыл түске енип киятырғанын көрип Үстиртте де бәҳәр басланып атырғанлығынан кеўиллеримиз толды. Оның ийисин ийискеп, мен де қарақалпақ перзенти екенлигимнен, усы мәканда дүньяға келгенлигимнен ишлей мақтандым.
Бир күнлик саяхатта Үстиртимиздиң жабайы тәбиятынан бир көринис көргенлигимиз бәримизге бир дүнья сезим бағышлады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Автордың түсирген сүўретлери.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

    Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

        Алымлар ашық ҳаўада дем алыў балаларда миопи қәўипин кемейтириўин анықлады. Тайванлы изертлеўшилер жақын аралықтағы еки

Жәмийетлик баслама: 25-февральды қарақалпақ миллий тағамы жүўери гүртик күни деп жәриялаў усыныс етилмекте

Жәмийетлик баслама: 25-февральды қарақалпақ миллий тағамы жүўери гүртик күни деп жәриялаў усыныс етилмекте

    «Facebook» социаллық тармағының қарақалпақ сегментинде өзиниң тарийх, этнография, мәденият ҳәм көркем өнер ҳаққындағы топлаған материаллары,