
Фейсбук социаллық тармағының пайдаланыўшылары реферат жазыў студентлердиң билимин жетилистириўге жәрдем бермейди деген пикирди билдирмекте. Бул постты Фурқат Юсупов жазып қалдырған болса, оның пикирин көпшилик студентлер ҳәттеки, айырым оқытыўшылар да қоллап-қуўатлаған. Олардың пикирине қарағанда, реферат жазыў дәўири өтип кеткен. Оның орнына мақала ямаса презентация жазыўды тапсырма сыпатында берген мақул деген пикирди билдирмекте.