Telegram karinform

Спорт

  • 18.06.2017 12:40
  • 2215

Футбол ўақты 60 минут болыўы күтилмекте


Футбол қағыйдаларын тәртиплестиретуғын халықаралық футбол аўқамлары кеңеси – IFAB футболға деген қызығыўшылықты еле де арттырыў мақсетинде «Play Fair!» (әдил ойын) деп аталған жаңаша стратегияны ислеп шықты.
Оған муўапық, шөлкем 90 минутлы «қара ойын»ға қарағанда ушырасыўлардың ўақтын «таза» 60 минутқа қысқартыўды усыныс етпекте. Бунда ҳәр бир секунд баскетбол ямаса хоккейдегидей есаплап барылады.
Сондай-ақ, IFAB дәрўазаман өз футболшысынан қайтқан топты қолы менен жәрийма майданының ишинде услап алғанында белгиленетуғын еркин соққының орнына 11 метрли пенальтиди енгизиўди усыныс етпекте.
Шөлкемниң футболға киригизиўди режелестирген тағы бир өзгериси соннан ибарат, онда топты әдейи қолы менен дәрўазаға жоллаған футболшыны ойыннан шетлетиў ҳәм керисинше, бос қалған дәрўазаға қол менен урылған голды есапқа алыў көзде тутылған.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда