Норвегиядағы Стармус IV халықаралық илимий ҳәм көркем өнер фестивалында сөзге шыққан британиялы белгили астрофизик Стивен Хокинг адамзат жақын 30-50 жылда Айға ҳәм Марсқа көшип өтиўи керек екенлигин
билдирди.
Ол адамзаттың астероидлардың Жерге соқлығысыўы, климаттағы өзгерислер ямаса Жер жүзинде адамлардың кескин артып кетиўи нәтийжесинде кризиске ушыраўы ўақыт пенен байланыслы мәселе екенлигин ҳәм усы апатшылықларды күтип отырмастан, жақын 30 жылдың ишинде Айға, 50 жылдың ишинде болса Марсқа көшип өтиў керек, деген пикирди айтып өтти. Соның менен бирге, Хокинг басқа планеталарға көшип өткенде өсимликлер, ҳайўанлар, замаррықлар ҳәм жәнликлерди өзлери менен бирге алып кетиўи кереклигин айрықша атап өтти.
Хокинг өз сөзинде адамзат тек ғана Қуяш системасы менен шекленип қалмай, оның сыртындағы биз ушын ең жақын болған Альфа Сентавра жулдыз системасына жетип барыўды усыныс етти. Алымлардың болжаўларына қарағанда, бул системада жасаў ушын жарамлы болған Проксима Б планетасы бар.