Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.03.2018 12:12
  • 2052

Қандай жағдайда автомашинаның қаптал айналарына перде орнатыў мүмкин?



Автотранспорт қураллары конструкциясының пайдаланыў шәртлери бойынша қәўипсизлиги ҳаққындағы улыўмалық техникалық регламентке (Министрлер Кабинетиниң қарары, 2012-жыл 4-июль, 191-сан) муўапық:
- Барлық транспорт қуралларында алдынғы, қаптал ҳәм артқы тәрептеги айнасының жақтылық өткериўи кеминде 70 процентти қураўы керек;
- Қаптал айнасына перде орнатыўға тек ғана жолаўшылар тасыўға арналған, транспорт басқарыўшысының орнынан бөлек орынлар саны 8 ден аслам ҳәм ең аўыр салмағы 5 тоннадан артық болған автотранспорт қуралларына (айрым микроавтобуслар, автобуслар) руқсат бериледи;
- Транспорт басқарыўшысының орнынан бөлек орынлар саны 8 ден көп болмаған автотранспорт қуралларының (яғный көпшилик халық пайдаланатуғын әпиўайы жеңил автомобильлердиң) ҳәр еки тәрепинде артқы тәрепти көретуғын сыртқы айна болған жағдайда, бул автомобильлердиң артқы айнасына перделер, сондай-ақ, ший перделер ҳәм жыйналмалы перделер орнатыў мүмкин.
Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң “Ҳуқуқий ахборот” каналында мағлыўмат берилди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...