Әзелден туўысқан Әзербайжан ҳәм Өзбекстан халықларының мәденияты, тили үрп-әдет ҳәм дәстүрлери бир-бирине уқсас. Еки миллеттиң тарийхый тамырлары бир булақтан суў ишкен десек қәтелеспеген боламыз.
Узер Гажибековтың Әзербайжан халқының үрп-әдетлер сәўлеленген «Аршин Мал Алан» көркем фильмин барлық Өзбекстанлылар қызығыўшылық пенен тамашалайды.
Өзбек ҳәм Әзербайдан халықларының дослығы узақ әсирлерге, бир неше мың жылларға барып тақалады.
1999-жылы 23-июль сәнесинде Өзбекстан Республикасы ҳүкимети менен Әзербайжан Республикасы ҳүкимети ортасында «Елшиханалар искерлигине байланыслы мәселелерди өз-ара тәртипке салыў ҳаққында»ғы питим дүзилиўи еки миллет дослығының рәсмий белгиси болды.Бул питим 2000-жылы 30-октябрьден күшке кирген.
Оған муўапық, Өзбекстан Республикасының Боку қаласындағы Елшиханасы, Әзербайжан Республикасының Ташкент қаласындағы Елшиханасы искерлигине байланыслы мәселелерди тәртипке салыў режелестирилген. Сондай-ақ, еки мәмлекеттиң елшиханалары ушын ажыратылған жер участкаларын бир-бирине 49 жыл мүддетке бериўге келисилди. Бул питим тек ғана 49 жыл емес, бәлки оннан көп жыллар даўам етеди деп ойлаймыз.
Өзбекстанда Әзербайжан елшиханасы ҳәм мәденият орайы тәрепинен көп ғана илажлар әмелге асырылып келинбекте. 2016-жылдың март айында Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясында Узер Гажибеков атына Өзбекстан-Әзербайдан Мәденият ханасының ашылыўы өзбек халқына Әзербайдан музыкасын тыңлаў имканиятын жаратты. Мәденият ханасы Өзбекстан сахнасында Әзербайжан композиторларының шығармалары қойылыўына хызмет етип келмекте.
Және усы айда елимизде өз искерлигин жүргизип атырған Әзербайжан Республикасы елшиханасы жанындағы Ҳайдар Алиев атындағы Әзербайдан мәденит орайында белгили Әзербайжан художниги Юсиф Гусейнов жаратқан шығармалары көргизбесиниң ашылыў салтанаты өткерилди. Әзербайжанлы художник салған сүўретлерде турмыс көринислери, тынышлық, меҳр-муҳаббат ҳәм дослық мүнәсибетлери айрықша орын тутады.
Наўрыз байрамы ҳәмме ўақытта да тынышлық, дослық, елге, ана тәбиятқа меҳр-муҳаббаттың белгиси болып келген. Қалаберсе, Наўрыз байрамы тек ғана Өзбекстанлылардлың емес, бәлки мусылманлардың, барлық түркий халықлардың жаңа жыл басы есапланады. Бул байрамды Өзбекстанда жасап атырған барлық миллет ҳәм елатлар кең түрде белгилейди. Сондай-ақ, ҳәр жылы Әзербайжан мәденият орайында Наўрыз илажлары, сейиллери өткерилип, олар ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириледи.
2009-жылы Наўрыз байрамы Әзербайжанның басламасы менен ЮНЕСКО тәрепинен материаллық емес мийрас дизимине киргизилген.
Соны да айрықша атап өтиў керек, Ташкент қаласы, Миробод районында Ҳайдар Алиев, Әзербайжан мәмлектелик тарийхы, Әзербайжан ҳәм Өзбекстан дослық музейи өз искерлигин жүргизбекте. Әзербайжан тарийхы музейинде Әзербайжанның картасы, әййемги ҳәм ҳәзирги дәўирге тийисли мағлыўмат бериўши фотосүўретлер орын алған. Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан дослық музейинде еки халық ортасында мүнәсибетлер менен байланыслы экспонатлар да жайластырылған.
Соңғы жыллары Ҳайдар Алиев атындағы Мәденият орайының басламасы менен әзербайжанлы шайыр ҳәм жазыўшылардың китаплары баспадан шығарылып атыр. Азар әдебиятының уллы ўәкили Муҳаммад Фузулийдиң «Қалб гавҳари», Анор, Юнус Ўғуз, Парвин Нуралиевалардың да китаплары баспадан шығарылды. Орайды тек ғана азар халқының емес бәлки өзбек жазыўшы ҳәм шайырларының китаплары да басылып шығылмақта. Атап айтқанда, Рустам Жабборовтың «Ҳозирги давр Озарбайжон ёзувчиларининг ҳикоялари», профессор Саодат Муҳамедованың «Ўзбек ва Озарбайжон замонавий поэзиясининг хусусиятлари» китаплары усылар қатарына киреди.
2017-жылдың 12-15-июнь күнлери Өзбекстандағы Ҳайдар Алиев атындағы Әзербайдан Мәденият орайының басламасы менен Әзербайждан Миллий мәденият орайы ҳәм Самарқанда ҳәкимияты жәрдеминде Әзербайжан мәденият күнлери өткерилди ҳәм бул ғалаба хабар қураллары арқады сәўлелендирилди. Илаж даўамында «Озарбайжон-Ўзбекистон маданий-адабий алоқалари» атамасындағы илимий-әмелий конференция, китап презентациялары ҳәм миллий киийимлер көргизбеси өткерилди.
Ташкенттеги Ҳайдар Алиев атындағы Әзербайдан Мәденият орайы еки мәмлекет ортасындағы дослық мүнәсибетлерин беккемлеў әм Әзербайжан халқының миллий үрп-әдет дәстүрлерин көрсетиў мақсетинде көп ғана илажларды шөлкемлестирип келмекте.
Бул орай жәрдеминде Өзбекистанлы бир қатар журналистлер Әзербайжанда болып, ол жердиң бүгинги турмысы, мәденияты ҳәм тарийхый мийраслар менен танысып қайтты.
Уллы Жипек жолы бирлестирген көп миллетли ҳәм кеңпейилли Әзербайжан ҳәм Өзбекстан халқының бул киби мәдений ҳәм руўҳый байланыслары әсирлер даўамында беккемленип барыўына исенемиз.
Сахибжамал Есемуратова