Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.06.2017 13:44
  • 2036

Оқыў орнында студентлер қол телефонынан қашан пайдаланыў мүмкинлигин айтып өтти

Оқыў орнында студентлер қол телефонынан қашан пайдаланыў мүмкинлигин айтып өтти

ҚМУ дың усы оқыў жылындағы соңғы информациялық саатында «Студентлер сабақ ўақтында кол телефонларынан, ҳәттеки, калькулятор сыпатында да пайдаланыў мүмкин емес. Қол телефонларынан тек ғана оқыў орнының баслығы ямаса устазлары менен, қолайсыз жағдайлар жүз бергенде ата-анасы менен сөйлесиўге руқсат бериледи деп қосыма қылды, - журналистика кафедрасының баслығы Злиха Оразымбетова.
Бердақ атындағы Карақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Мәденият сарайы»нда жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, ҳәр түрли бузғыншы идеяларға қарсы беккем иммунитетин қәлиплестириў мақсетинде «Жаслар тәрбиясы: машқалалар ҳәм шешимлер» атамасындағы үгит-нәсиятлаў илажы өткерилди. Онда педагогика ҳәм психология кафедрасының баслығы Турдыбай Сапаров, Нөкис қалалық ишки ислер бөлими баслығы Нийетбай Қыдырбаев, журналистика кафедрасының баслығы Злиха Оразымбетова, Муҳаммед Ибн Ахмад ал Беруний атындағы орта арнаўлы билим журты оқытыўшысы Жорабек Ишаевлар баянат жасады.

Оқыў орнында студентлер қол телефонынан қашан пайдаланыў мүмкинлигин айтып өтти


Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...