Telegram karinform

Мәденият

  • 01.07.2017 13:08
  • 2688

Шыраз Нуратдинов «БАРАТЫРҒАН» мәнзилине жетти…

Шыраз Нуратдинов «БАРАТЫРҒАН» мәнзилине жетти…

Шыраз Нуратдиновтың усы жылдың 29-30-июнь күнлери еки сеанста яғный 15:00 ҳәм 19:00 де болып өткен концерт бағдарламасы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген.
Концертте тийкарынан Шыраз Нуратдинов тәрепинен 19 қосық фонограмма ҳәм жанлы ҳаўазда атқарылды. Концерт бағдарламасынан «Баратырман», «Жаңлайды гитарам», «Гүзги жаўында», «Сурхан елине сәлем», «Достым бар», «Ашылсын жүреклер» ҳ.т.б. қосықлары орын алған. Шыраз Нуратдиновтың шәкиртлери Дәстан ҳәм Тимур, Казбек Мырзалар өзлериниң қосықлары менен мийман болды. Сондай-ақ, дерлик ҳәр бир қосыққа сахналық көринислер қойып берилди. Концерттеги жаңалықлардан және бири Шыраз «Әрманымды» атлы қосығын Айгүл Надырова менен биргеликте атқарды. Буннан соң Айгүл Надырова және бир қосық пенен тамашагөйлерди қуўандырды. «Ойлан достым», «Сағыныш-2» яғный «Шүкирмен» қосықлары жанлы ҳаўазда гитара менен атқарылды.
Шыраз Нуратдинов өзиниң ҳәр бир қосығын жақсы көретуғынлығын, бирин-екиншисинен үстин қоймайтуғынлығын айтып, «Шоқ қосықларым улларым, ал, лирикалық қосықларым қызларым» деп атады.
Бул концерттиң басқа концерт бағдарламаларынан өзгешелик тәрепи сонда, Шыраз Нуратдинов тамашагөйлер менен көп сәўбетлести. Сахнада өзин еркин услап, тамашагөйлердиң арасында жүрип қосық айтты. Тамашагөйлер де буны жақсы күтип алды. Дерлик ҳәр бир қосықтан соң айрықша қол-шапалақлар болды. Концерттиң бираз «кеширек» яғный 30 минутқа кеш басланғанын есапқа алмағанда, жүдә жақсы шөлкемлестирилген.
Улыўма концерт даўамында Шыраз Нуратдинов 3 мәрте кийимин алмастырды. Концерт бағдарламасы «Қарақалпақ» қосығы менен жуўмақланды.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

    Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

    Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы ҳәм «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының хызметкерлери тәрепинен