Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.07.2017 18:47
  • 8108

Ийт сақлаў да мабаға айланды… (ма?)



Адамзат жаратылғанлы берли ойын-заўыққа, кеўил ашар тамашаларға өш. Әййемги қулшылық жәмийетинде қуллар усындай ойын-заўықларға тартылып, гладиаторлар урысы пайда болған болса, кейин ала бул дүньяда адам ең жоқары жаратылыс деп есаплана баслағаннан соң, бундай урыслар ашықтан-ашық өткерилмейтуғын болды. Олардың орнына ҳәр қыйлы үй ҳайўанларын бир-бири менен төбелестирип, урыстырып, олардың қызығына батып келди. Елеге шекем усылай…
Бүгинги күнде адамлар арасында ийтлерди төбелестириў әдети ҳәўиж алғанлығын ҳәммемиз жақсы билемиз. Пәленшеде «питбулл», төленшеде «стапр», оның жорасында «алабай», … «туркменский», «кавказский», … айта берсек оғада көп. Үлкен баспақтың ямаса танекейтиң геўдеси менен теңлесетуғынлары да бар. Усындай «сортлы» ийти бар адамлар өзине уқсас басқа адамларды излеп, олардың ийти менен төбелестирип, ақша таўып жүргенлер де арамызда бар.



Айрым ер жигитлер арасында усындай «сортлы» ийтлерди бағыў, оларға өзлери жемеген гөш излеп жүриў мабаға айланған, десек қәтелеспеген боламыз. Тағы бири-биринен үлкен, бойы адам менен теңлесетуғын ийтлерди көшелерге, адамлар көп жыйналатуғын орынларға, әсиресе, жаз айларында ғалабалық шомылыў орынларына алып барып, шомылдырыў – қысқасын айтқанда ҳәммеге мақтанып, көз-көз етиў сыяқлы сырттан қарағанда күлкили жағдайдың талай гүўасы болғанбыз.
Және де айта кететуғын жери, айрымлар турпаты адам сыяқлы келетуғын ийтлерин кешқурын ямаса таң азанда босатып жиберип қояды. Олар босанып жүрген ўақтында жумыстан кеш киятырған я ерте баратырған адамларға қарай топылып, айрымларын тислеп алып, мазалап атырғанын да көрип яки еситип жүрмиз.



«Ийт адамның садық досты» деген гәплер былай қалып, усындай турпатлы ийтлер адамларды жарадар етип атырғаны, жас балалардың қатты қорқып кеткенинен тилинде кемшилиги пайда болып, дудуқланып сөйлейтуғын болып атырғаны да ҳақыйқат. Ийт сақлаў да мабаға айланып атырғанын усыдан да көриўимиз мүмкин. «Сортлы» ийти бар адамларға түсиндирип, «бундай ийтлерди босатып жиберип, қараўсыз қалдырмаң, адамларға топылып атыр», - десеңиз, «мен ийтимди орысшалап тәрбиялап атырман, бир аўыз қой десем қояды», - дейди.
Сонда ийт бир аўыз қой дегенге қояғоятуғын бизлерден де ақыллы жаратылыс болды-ғой, деп ойлап қаламан. Өйткени, адамлар айрым жағдайларда қой дегенди түсинбейтуғын ўақытлар да болып қалады.
Буның менен «сортлы» ийтлерди сақлаў я төбелестириўди қараламақшы емеспен. Бул ҳәр кимниң өзиниң жеке жумысы. Тек ғана айтарым: «Ҳәр қандай ислеген исиңиз басқа адамларға кесент етип, оларға жәбир жеткермесин!». Өйткени, басқалардың бахытсызлығы есесине бахытлы болыўға ҳешкимниң де ҳақысы жоқ.

Ислам МАТЕКОВ.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...