Telegram karinform

Қарақалпақстан

  • 17.04.2017 15:08
  • 2658

Экологиялық таңлаў жәрияланды

Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Камолот» ЖЖҲ басланғыш шөлкеми ҳәм «Журналистика» кафедрасы менен биргеликте «Экологиялық машқалалар мениң нәзеримде…» темасындағы фото ҳәм видеороликлер таңлаўын жәриялайды.
Таңлаўға экологиялық машқалаларды сәўлелендириўши фото ҳәм видеороликлери менен университеттиң барлық факультетлеринен магистрантлар менен студентлер қатнасыўына болады.



ТАҢЛАЎ ШӘРТЛЕРИ: Темаға тийисли 5 тен кем болмаған фото сүўрет ҳәм 5 минуттан аспаған көлемдеги видеороликлер усы жылдың 15-апрель сәнесине шекем Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Камолот» ЖЖҲ басланғыш шөлкеминде қабыл етиледи. Фото сүўретлер тема қойылған, мазмуны бойынша қысқа тексти менен автордың аты-жөни көрсетилген папкаға салынып усынылады. Видеороликлер дискке көширилген, автордың аты-жөни ишинде көрсетилген формада усынылады.
ЕСЛЕТПЕ: Журналистика қәнигелиги бойынша тәлим алып атырған студентлердиң мийнетлери өз алдына, басқа қәнигеликтеги студентлер өз алдына сыйлықланады.
Автордың мийнетлери қәнигелерден дүзилген комиссия қурамы тәрепинен баҳаланады.
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында

Goal талқылаўы бойынша «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизими жәрияланды

Goal талқылаўы бойынша «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизими жәрияланды

Goal порталы «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлар дизимин жәриялады. Оған бола, «Барселона» вингери Рафиня бул бағдарда...