
Америкалы Джоуи Честнат 10 минуттың ишинде 72 хот-дог жеп, жаңа рекорд орнатты, деп хабар тарқатты Baq.kz.
4-июль күни АҚШтың Нью-Йорк қаласында Ғәрезсизлик күнине арналып әдеттегидей Nathan\'s Famous Hot Dog Eating Contest беллесиўи өткерилди. Бул жарыста Честнат ең көп хот-дог жеп, оныншы мәрте теңсиз болды.
Честнат өткен жылы да усы жарыста 70 хот-дог жеп, рекорд орнатқан еди.
Ал ҳаял-қызлар арасында Мики Судо қатарасына төртинши мәрте чемпион болды. Ол 10 минутта 41 хот-догты «көрдим демеген».
Жеңимпазларға 10 мың доллардан ақшалай сыйлық берилген.