Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.04.2018 10:26
  • 2119

Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықты бериў тәртиби өзгерди



Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1999-жыл 10-июньдағы ПФ-2326-санлы «Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықты шөлкемлестириў бойынша усынысларды қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы Пәрманға өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.
Пәрманға муўапық, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықты Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ўәкиллерине ҳәр жылы екеўден Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында билимлендириў, илим, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт ҳәм жәмийетлик жумысларда айрықша жетискенликлерге ерискен он төрт жасқа толған ҳәм отыз жастан өтпеген қәбилетли қызларға берилетуғын;
- Улыўмалық орта, орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемелериниң Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығының лауреатлары болған оқыўшылары жоқары оқыў орынларының бакалавриатына, бакалавриат студентлери болса жоқары оқыў орынларының магистратурасына тийисли бағдар ҳәм қәнигелик бойынша кириў сынақларысыз мәмлекетлик грант тийкарында қабыл етилетуғын болды.
Еслетип өтемиз, сыйлық алдын ҳәр бир аймақ ўәкилине биреўден, әдебият, мәденият, көркем өнер, илим, билимлендириў тараўларындағы ҳәм жәмийетлик жумыслардағы айрықша жетискенликлери ушын 14 жастан 22 жасқа шекемги болған қәбилетли қызларға берилетуғын еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге

Токсикозды жеңиллетиўге не жәрдем береди?

Токсикозды жеңиллетиўге не жәрдем береди?

        Ферментленген сүт ѳнимлери – кем майлы творог, йогурт, кефир нәтийжели тәсир кѳрсетеди. Дәнли ҳәм Б

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 14.11.2016-жылдағы 378-санлы қарарына муўапық, баланың фамилиясына "-ев", "-ов", "-ева", "-ова" сыяқлы ҳәм...