Telegram karinform

Мәденият

  • 06.07.2017 14:52
  • 2557

Дүньядағы ең әжайып 4 мектеп (+фото)

Мектеп ҳәр бир мәмлекетте бар. Олардың билим бериў бағдарлары ҳәм усыллары ҳәр қыйлы. Ҳәр бир елдиң өзиниң оқытыў усылы ҳәм тәртиби болады. Massaget.kz сайты дүньядағы ең әжайып 4 мектеп ҳаққында материал жәриялады.

Orestad Gymnasium





Данияның Копенгаген қаласында жайласқан бул мектеп журналист болыў нийетинде жүрген оқыўшыларға арналған. 2007-жылдан берли мектептиң интерьери дүньядағы ең сулыў мектеплердиң беслигине киреди. Бул мектеп миллий билимлендириў тараўы тийкарында исленген. Мектептиң ишки ҳәм сыртқы қурылыс жойбары менен Даниядағы 3XN Architecs компаниясы шуғылланған.

Marcel Sembat High School





Францияның Соттевиль-ле-Руан қаласында жайласқан. Бул мектептиң өзгешелиги сонда, мектеп жасыл тереклер менен қоршалған. Өйткени, бул жерде ден саўлығы төмен болған оқыўшылар оқыйды. Мектептиң қурылысы алты бөлектен турады. Ҳәр бир бөлим бир-биринен өзгешеленип турады.

Green School





Индонезияның Бали қаласында жайласқан. Мектеп экология менен шуғылланыўды нийет еткен оқыўшыларға арналған. Мектеп тәбият қойнында жайласқан болып, бул оқыўшыға жақсы тәсир етеди. Бул жерде мәжбүрлеп оқытыў жоқ. Ең қызықлы тәрепи сонда, оқыўлық қураллар ҳәм мектептиң барлық дәске-дүскелери бамбуктен исленген.

Vittra Telefonplan






Швецияның Стокгольм қаласында жайласқан. Бул мектеп кишкене философларға арнап, Rosan Bosch агентлигиниң арнаўлы жойбары тийкарында салынған. Мектеп дизайниниң өзгешелиги, оның реңлериниң тынықлығында болып табылады. Бул жерде балалықтан билимли, арнаўлы таярлық талап етпейтуғын оқыўшылар оқыйды.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет