Telegram karinform

Сиясат

  • 03.04.2018 10:17
  • 2185

Өзбекстанда Қурылыс министрлиги шөлкемлестирилди



Усы жылдың 2-апрель сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қурылыс тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Пәрман тийкарында:
- Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети тийкарында Қурылыс министрлиги;
- Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети жанындағы Раўажландырыў ҳәм материаллық хошаметлеў қоры және Билимлендириў мәкемелерин қоллап-қуўатлаў қоры базасында Қурылыс министрлиги жумысларын қоллап-қуўатлаў қоры;
- Қурылыста стандартластырыў ҳәм сертификатлаў республикалық орайы Қурылыста стандартластырыў республикалық орайы етип қайта шөлкемлестирилди.

Төмендегилер сапластырылды:
- Қурылыс тараўында реформалардың әмелге асырылыўы мониторинги ҳәм хызметлерди лицензиялаў бойынша Республикалық комиссиясы;
- Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети жанындағы Қала қурылысы жумысларын мәлимлеме менен тәмийинлеў орайы;
- Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети жанындағы Капитал қурылыста экономикалық реформалар ҳәм баҳаларды қәлиплестириў орайы.

Жойбарлар басқарыўы миллий агентлигине 2018-жылдың 1-июлына шекемги мүддетте аккредитациялаў механизмин енгизиў арқалы қурылыс тараўында техникалық қадағалаўға байланыслы мәмлекеттиң айрым функцияларын жеке секторға өткериў бойынша усыныс киргизиў ўазыйпасы жүкленди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

    Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 31-декабрьдеги 829-санлы қарарына муўапық, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында Бас прокуратура, Мәмлекет қәўипсизлик

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

    Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында мәмлекетимиз басшысы аймақта әмелге асырылып атырған инвестиция