Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.04.2018 10:43
  • 1730

Karinform.uz: LESSON 16

Karinform.uz: LESSON 16

«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасының нәўбеттеги санында инглис тилиндеги сепликлер менен байланыслы болған қағыйдаларды үйренсек. Егер бул ҳаққында билетуғын болсаңыз, оларды тәкирарлаў арқалы және де беккемлеп аласыз.

Егер итибар берген болсаңыз, тил үйренип атырған адамлардың көпшилиги дәслеп сол тилдиң мәҳәллери, сондай-ақ, сепликлерине қызығады. Бул екеўин дәрриў үйренип алыўға асығады. Демек, бүгин биз инглис тилинде атлықтың сеплениўин уйренемиз.
Сеплик – бул гәпте сөзлердиң бир-бири менен байланыстырыўшы грамматикалық категория.
Ески инглис тилинде атаў, ийелик, барыс, табыс ҳәм шығыс сепликлери болған. Бирақ, заманның өзгериўи менен олар да өзгерип, бүгинги күнде инглис тилинде еки сеплик-улыўмалық ҳәм тартым сеплиги қалған.
Улыўмалық сеплик, яғный (common case) инглис тилиндеги ҳеш қандай қосымта қосылмайтуғын сеплик болып есапланады. Бул қарақалпақ тилиндеги атаў сеплигине уқсайды. Мәселен, chair- стул, car-машина ҳ.т.б.
Бул сеплик мазмунға байланыслы турли ўазыйпаларды атқарыўы мүмкин.
Тартым сеплиги (possessive/genitive case).
Бул сеплик апостроф белгиси ҳәм s ҳәриби менен белгиленеди. Егер қолланылып атырған атлық бирлик санда болса, апостроф белгиси қойылады ҳәм оннан соң s ҳәриби жазылады. Бирақ, қолланылып атырған атлық көплик санда болса, апостроф белгиси s ҳәрибинен соң жазылады. Мәселен, pupils’ work – адамлардың жумысы, cars’ colour – машиналардың реңи ҳәм тағы да басқа.
Егер көплик мәнисин билдиретуғын бир ғана сөз келетуғын болса, сол сөзден соң апостроф белгиси, ал оннан соң s ҳәриби жазылады. Мәселен, men’s work еркеклердиң жумысы, children’s toys –балалардың ойыншықлары.
Егер атлық бир неше дизбеклесип келген сөзлерден ибарат болса, яғный қарақалпақ тилиндегиге уқсас қоспа атлықты сөйлегенде ямаса жазғанда қолланбақшы болсақ, онда сол сөзлердиң ең ақырғысына апостроф ҳәм s ҳәриби жазылады. Мысалы ушын, mother-in-law’s advice – қайин енениң мәсләҳәти, passer-by’s surprise
Бул сеплик апостроф белгиси ҳәм s ҳәриби менен билдирилиўи де мүмкин, буннан басқа of предлоги арқалы аңлатылыўы да мүмкин. Of предлогы жансыз нәрселер, буйымлар туўралы айтқан ўақытта қолланылады.
Мысалы ушын, Kevin’s hat – кевинниң шляпасы, income of the company-компанияның табысы.

Сепликлерди үйрениўди келеси санда даўам еттиремиз.

Таярлаған: Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Karinform.uz: LESSON 33

Karinform.uz: LESSON 33

«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасының нәўбеттеги сабағында футбол ҳәм усы спорт түри менен байланыслы болған сөзлердиң...

Karinform.uz: LESSON 35

Karinform.uz: LESSON 35

«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасының нәўбеттеги сабағында футбол ҳәм усы спорт түри менен байланыслы болған сөзлердиң...

Karinform.uz: LESSON 32

Karinform.uz: LESSON 32

«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасының нәўбеттеги сабағында инсанның минез-қулқын билдириўши сөзлердиң инглис тилиндеги аўдармасын үйрениўди даўам...