Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.04.2018 11:02
  • 1428

Karinform.uz: LESSON 17

Karinform.uz: LESSON 17

«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасының нәўбеттеги санында инглис тилиндеги сепликлер байланыслы болған қағыйдаларды үйрениўди даўам еттиремиз.

Бүгинги күнде инглис тилинде еки сеплик-улыўмалық ҳәм тартым сеплиги қолланылады.
Бул сепликлер туўралы өткен санда айтып өткен едик. Бүгин усы қағыйдаларды даўам еттиремиз.
Тартым сеплигин қолланғанда (possessive/genitive case) айырым жағдайларда жансыз буйымлар болса да оларды апостроф ҳәм s ҳәриби менен айтыў керек.
Бул төмендегилерден ибарат. Бул атамаларды есте сақлап қалыўға ҳәрекет етиң.
• Орын ямаса ўакытты билдириўши атлықларды қолланғанда: today’s newspaper, a mile’s distance
• Қала ямаса мәмлекетлердиң атларын айтқанда: Germany’s industry, New York’s streets
• Газета ямаса шөлкемлердиң атамаларын айтқанда: the Guardian’s article, Red Cross’s volunteers
• nation, country, city, town сөзлери менен: country’s treasures
• ship, car, boat сөзлери менен: ship’s name, car’s speed
• nature, water, ocean сөзлери менен: ocean’s temperature, nature’s beauty
• Жыл ўақытлары айлардың атлары менен: January’s frosts, summer’s days
• Планета атамалары менен: Saturn’s rings
• Өзгермейтуғын және бир сөз дизбеклери бар. олар: at death’s door, at arm’s length, a hair’s breadth, at a snail’s pace и другие.
Инглис тилинде сепликлер предлоглар арқалы да билдириледи. Мәселен, ийелик сеплиги of предлогы менен жасалады:
The beginning of the summer was cold - Жаздың басланыўы салкын болды.
Бул жерде ийелик сеплиги жаздың дегендеги «-дың» қосымтасы есапланады.
Барыс сеплигиниң предлогы болса to болып есапланады:
I am going to John - Мен Жонның үйине баратырман.
We sold our house to a family from Canada -Бизлер үйимизди Канадалы шаңараққа саттық.
Бул жерде to John ҳәм to a family сөзлери барыс сеплигинде турыпты. Егер оны қарақалпақ тилине аўдармалағанда да барыс сеплигиниң сораўына жуўап береди.
Шығыс сеплиги болса with предлогы менен билдириледи.
Мәселен, мен газета менен еки шыбынды өлтирдим. I’ve killed two flies with a newspaper.
My sister can write with both her hands - Мениң әжапам еки қолы менен де жаза алады.
Бул жерде with both her hands ҳәм with a newspaper сөзлери with предлогы менен қолланылған, және ким менен не менен деген сораўларға жуўап бериў шығыс сеплигинде келген.

Таярлаған: Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Karinform.uz: LESSON 33

Karinform.uz: LESSON 33

«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасының нәўбеттеги сабағында футбол ҳәм усы спорт түри менен байланыслы болған сөзлердиң...

Karinform.uz: LESSON 35

Karinform.uz: LESSON 35

«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасының нәўбеттеги сабағында футбол ҳәм усы спорт түри менен байланыслы болған сөзлердиң...

Karinform.uz: LESSON 32

Karinform.uz: LESSON 32

«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасының нәўбеттеги сабағында инсанның минез-қулқын билдириўши сөзлердиң инглис тилиндеги аўдармасын үйрениўди даўам...