
«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасының жигирма екинши сабағында ўақыт мезгиллери ҳәм олар менен қолланылатуғын предлогларды үйренемиз.
Рәўишлер
Last [ lɑːst ] - өткен
This [ ðɪs ] - усы
Next [ nekst ] – келеси, кейинги
Last week – өткен ҳәптеде
This month – усы айда
Next year – ендиги жылы
Мысалы: Не left school last year - Ол оқыўды өткен жылы тамамлады.
I\'ll see him next Tuesday- Мен оны келеси Сийшембиде көремен.
two times a day – күнине бир мәрте
three times a year – жылына үш мәрте.
I go to school 5 times a week - Мен мектепке ҳәптесине 5 рет бараман.
at any time – қәлеген ўақытта
at the moment – тап ҳәзир
at lunch – түски ўақытта
in the morning, in the evening – азанда, кеште
on Sunday morning – Екшемби күни азанда
at night – түнде
Сөзлердиң транскрипциясы www. myefe.ru сайтынан алынды.
«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасы менен инглис тилине байланыслы қызықлы мағлыўматларды оқыўыңыз ҳәм инглис тили бойынша лексикаңызды байытыўыңыз мүмкин. Бизиң сайтымызды дыққат пенен гүзетип барың, жаңалықлардан хабардар болың ҳәм билимиңизди жетилистириң.
Таярлаған: Сахибжамал Есемуратова