Өзбекстан Республикасы Президентининиң мәмлекетлик мәсләҳәтшиси, Олий Мажлис Сенаты ағзасы ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы Қаҳрамон Қуранбаев Қарақалпақстан Республикасындағы мектеплерде үлгили минез-қулқы ҳәм оқыўда жақсы баҳаларға оқып киятырған бирнеше оқыўшыларға, олардың ата-аналарына ҳәм мектеп директорларына алғыснама жоллады.
Усы жылдың 5-6-апрель күнлери Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси «Камалак» балалар шөлкеми баслығы Азамат Абибуллаев пайтахтымыздағы 18-, 19-, 25- ҳәм 27-санлы улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары, олардың ата-аналары ҳәм мектеп директорларына Президент мәсләҳәтшисиниң жоллаған алғыснамаларын салтанатлы түрде тапсырды.
Сондай-ақ, оқыўда жақсы нәтийжелерге ерисе алмай атырған оқыўшыларға исеним жарлықлары да тапсырылды. Онда «Билесең бе, сенде еле ҳеш ким билмеген басламашылық, ертеңги күнге деген исеним бар. Өзиңдеги усы күш-жигерди жақсы жумысларға сарпла!... Устазларың, ата-анаң, шаңарақ ағзаларың, досларың ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Саған исенеди!» деп жазылған.
- Келешек ийелери есапланған оқыўшыларға бундай дәрежедеги итибар тек ғана бизиң елимизде бар. Бул ҳәрекетлеримиз оқыўшылардың дүньяға белгили болған ата-бабаларымыздың мүнәсип даўамшылары болып жетилисиўине, жарқын келешегине тийкар жаратады, оларды бәрқулла излениўде ҳәм ҳәрекетте болыўға үндейди, - дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси «Камалак» балалар шөлкеми баслығы Азамат Абибуллаев.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuzИслам Матеков.