Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.04.2018 10:27
  • 1779

Усы жылы Шымбай ҳәм Тахтакөпир районларындағы автовокзаллар реконструкцияланады



Республика бойынша қала ишинде 5, районларда 14, жәми 19 жолаўшы автовокзаллары ҳәм автостанциялары ислеп тур. Соннан өткен жылы Мойнақ районындағы жолаўшы автовокзалы 125 миллион сум қаржы есабынан қайта реконструкциядан шығарылды. Быйылғы жылда Шымбай ҳәм Тахта¬көпир районларындағы жолаўшы автовокзалларына реконструкция ислеў ушын 200 миллион сум муғдарында қаржы ажыратылып, оңлаў жумыслары баслап жиберилди. Сондай-ақ, Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» АПЖ аймағында жайлас¬қан жолаўшы автовокзалы быйылғы жылда жергиликли исбилерменниң қаржысы есабынан жаңадан қурып берилетуғын болды.
Бул ҳаққында республикалық «Еркин Қарақалпақстан» газетасының өз хабаршысы Сағынбай Оразымбетовтың «Жәмийетлик транспорттағы жетискенликлер ҳәм машқалалар» атамасындағы мақаласында келтирип өтилген.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет