Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.07.2017 15:01
  • 5660

Нөкистеги қайсы жолларға светофор керек?



Светофор ҳәрекет көп болатуғын жоллардың кесилиспесине қойылатуғынлығы ҳәммемизге белгили. Пайтахтымыз Нөкис қаласында күн сайын жолларда ҳәрекетленетуғын автотранспорт қураллары көбейип баратырғанының гүўасы болып атырмыз. Усындай жағдайда қаламыздың айрым жолларының кесилиспесине светофор орнатылыўы керек. Мәселен, Гөне қала аймағындағы Сәдраддин Айний ҳәм Қарақалпақстан көшелери, 26-киши районы тәрептеги Пиржан Сейтов көшеси менен Ақмаңғыт гүзарының кесилиспеси, сондай-ақ, Пиржан Сейтов көшеси менен Мәртлик (бурынғы Орақбай Қулымбетов) көшелериниң кесилиспесинде светофорға мүтәжлик сезиледи. Әсиресе, Пиржан Сейтов көшесиниң Гөне қала аймағы тәрептен басланғынан Ақмаңғыт гүзарына шекемги аралығында 1 академиялық лицей, 1 мектеп, 5 орта арнаўлы билимлендириў мәкемеси, бирнеше саўда-сатық объектлери ҳәм киши базар бар, бирақ, бирде-бир светофор жоқ. Тийисли жол белгилери, жол «зебралары» болыўына қарамастан, көпшилик автомобиль басқарыўшылары оларға дерлик бойсынбай, тезликти ҳәдден тыс жоқарылатады. Сол себепли, усы көше менен кесилисетуғын басқа көшелер (мәселен, жоқарыдағы сөз еткен Мәртлик көшеси) де ҳәрекетленип атырған автомобильлердиң Пиржан Сейтов көшесине түсиўи қыйыншылық пайда етпекте.



Биз атларын атаған басқа көшелерде де жағдай усындай. Светофор – ҳәрекетлеримизди тәртипке салыў арқалы өмиримизди кепиллейди. Солай екен, булардың ҳәммеси пайтахтымыз турғынларының аманлығы, ден саўлығы ушын хызмет етеди.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...