Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Пуқараларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳәм өзбасымшалық пенен қурылған турақ жайларға мүлк ҳуқықын белгилеў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акциясын өткериў ҳаққында»ғы Пәрманы жойбары таярланып, додалаўға қойылды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы арқалы мәлим етилди.
Бул Пәрман қабыл етилген ўақыттан алдын қурылыс мақсетлери ушын ажыратылмаған жер участкаларында ямаса имарат қурыў ушын руқсатнама алмастан қурылған турақ жайға (өзбасымшалық пенен қурылған имарат) мүлк ҳуқықы усы объектке өзиникиндей етип ҳадал, әшкара ҳәм үзликсиз ийелик еткен шахсларға төмендеги шәртлер тийкарында бериледи:
- бул жер участкасы (участканың бир бөлими) нызам ҳүжжетлерине муўапық турақ жай қурыў ушын ажыратылыўы мүмкин болмаған жер майданында жайласпаған болыўы;
- өзбасымшалық пенен қурылған имарат қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдалары талапларын, сондай-ақ, оның сақлап қалыныўы басқа шахслардың ҳуқықлары менен нызам тийкарында қорғалатуғын мәплерин бузбаўы ямаса пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына қәўип пайда етпеўи керек болады.
Өзбасымшалық пенен қурылған имаратқа мүлк ҳуқықы берилмейтуғын анық жағдайларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети белгилейди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuzИслам Матеков.