
Усы жылдың 16-апрель сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қазақ филологиясы тәлим бағдары ҳәм мәлимлеме-ресурс орайы жанында дүзилген «Китапқумар жаслар» клубының белсендилери менен биргеликте «Дархан халықтың дана Абайы» атамасындағы әдебий кеше өткерилди.
Жазба қазақ әдебиятының ҳәм қазақ әдебий тилиниң тийкарын салыўшы, философ, композитор, аўдармашы, сиясий ғайраткерге бағышланған кешени ф.и.к. Қ.Аралбаев кирис сөз бенен ашып берди.

Буннан соң усы қәнигеликтиң 2-курс студенти Н.Алмағанбетованың «Жырдың толассыз булағы, өшпес өнегеси» атамасындағы баянаты тыңланды.
Соң белгили шайырдың қосықлары оқылып, студентлер тәрепинен таярланған сахналық көринис жыйналғанлардың итибарына усынылды.
Сахибжамал Есемуратова