Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.07.2017 13:04
  • 2147

«Қосбулақ» мәкан пуқаралар жыйынында қандай машқалалар ушырасып атыр?



32-санлы «Қосбулақ» МПЖ (бурынғы май аўыл) турғынлары өзлери сайлаған депутатлар менен ушырасып, аймақтағы машқалаларын айтып өтти.
Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Нөкис қалалық кеңеси тәрепинен сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Рано Каландарова, Ҳалық депутатлары Нөкис қаласы Кеңеси депутаты Венера Қаленовалар өзлери сайланған аймақларда сайлаўшылар менен ушрасыўы болып өтти.



Аймақтағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң авариялық жағдайда екенлиги, жол қурылысы ҳәм көшелерди жақтыландырылмағанлығы, коллеж питкериўшилериниң бәнтлиги, ҳаял-қызлардың жумыс пенен тәмийинлениўи, аймақта тыныш-татыўлықты сақлаў мәселелери усы жердиң турғынларын қыйнап атырған машқалалардан есапланады.
Бул аймақтағы мәселелердиң шешилиўи 2017-2018-жылдың мәмлекетлик бағдарламасына киргизилген. Бул мәселелердиң унамлы тәрепке шешилиўин күтип қаламыз.



Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...