Telegram karinform

Технология

  • 19.04.2018 11:14
  • 2311

Ең күшли армиялар рейтинги. Өзбекстан нешинши орында?



Өзбекстан Қураллы Күшлери 2018-жылы дүньяның ең күшли армиялары рейтингинде 9 текше жоқарылап, 39-орынды ийеледи, деп хабар бермекте Daryo.uz сайты.
Global Firepower тәрепинен дүзилген рейтингде 136 мәмлекеттиң қураллы күшлери қатнасқан. Бул мәмлекетлердиң қураллы күшлери 50 ден аслам көрсеткишлерине қарай баҳа берилген. Атап айтқанда, қурғақлықтағы әскерий күшлердиң дәрежеси, әскерий ҳаўа күшлериниң дарежеси, теңиз күшлериниң қүдирети, әскерий техника ҳәм әскерий хызметке миннетли халықтың саны, әскерий сектордың қаржыландырылыўы, мәмлекетте жанар май дәреклериниң болыўы, транспорт инфраструктурасының раўажланғанлығы ҳәм басқа көрсеткишлер.
Атап көрсетилиўинше, бүгинги күнде Өзбекстан Қураллы Күшлериниң ықтыярында 420 танк, 179 самолёт, 715 әскерий машина, 143 өзи ҳәрекетленетуғын топ, 880 топ ҳәм 109 жалпыламай оқ атыў қураллары бар.
ҒМДА еллери арасында Өзбекстан қураллы күшлери Россия ҳәм Украинадан кейинги үшинши орынды ийелеп тур. Беларусь – 41, Қазақстан – 50, Әзербайжан – 53-орынларды ийелеген.
Рейтингниң ең жоқары текшесинде АҚШ (1), Россия (2), Қытай (3), Ҳиндстан (4), Франция (5), Британия (6), Қубла Корея (7), Япония (8), Туркия (9), Германия (10) ҳәм басқа мәмлекетлер жайласқан.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға