Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.07.2017 15:55
  • 2524

ҚМУда физикалық ҳәм дөретиўшилик имтиханлары басланды



Дөретиўшилик имтиханлары 17-июль күни басланып, 22-июльға шекем арнаўлы график тийкарында өткерилиўи белгиленген.
17-22-июль күнлери архитектура қәнигелигине ҳүжжет тапсырған абитуриентлер сүўретлеў ҳәм сызыў бойынша, усы сәне аралығында дене мәденияты ҳәм ҳаял-қызлар спорты қәнигеликлери бойынша пайтахтымыздағы спорт манежи, Олимпия резервлери колледжиниң жүзиў бассейни ҳәм университеттиң спорт майданшасында физикалық таярлық бойынша имтиханлар болып өтпекте.
Филология ҳәм тиллерди оқытыў: қазақ тили қәнигелигинен тест сынақлары ҳәм түркмен тили қәнигелигинен жазба жумысы имтиханы 17-июль күни болып өткен болса, бүгин олардың нәтийжеси жәрияланды. Бул қәнигеликлер 19-июль күни тарийх пәнинен имтихан тапсырады.
Журналистика қәнигелигине ҳүжжет тапсырған абитуриентлер болса 20-июль күни жазба жумысы формасында болып өтетуғын дөретиўшилик имтиханынан өтеди.

Сахибжамал ЕСЕМУРАТОВА.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...