
Усы жылдың 24-апрель сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы драма театрында Қарақалпақстан Республикасында жайласқан барлық жоқары оқыў орынлары арасында студентлер театр-студияларының таңлаўы болып өтти. Онда Қарақалпақстаннан 6 жоқары оқыў орнының студентлери қатнасты.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Жайҳун» командасы «Өмирдиң төрт күни», Ташкент мәмлекетлик Аграр университети Нөкис филиалының «Жаслар» командасы «Бултлы күнлер», Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнер институты Нөкис филиалы «Art life» командасының «Тоғыз тоңқылдақ ҳәм бир шиңкилдек», Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Жаслық» командасы «Туўылған күн», Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы «Таң нуры» командасының «Меҳир нуры», Ташкент педиатрия медицина институти Нөкис филиалының «Гигея» командасы «Экстрасенс» темаларындағы сахналық көрнислерин тамашагөйлердиң итибарына усынды.
Бул сахналық көрнислерди, ондағы тийкарғы идея ҳәм шеберлик мәселелерин Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, драматург Қыпшақбай Мәтмуратов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы драма театры актрисасы Жумагүл Сағындықова, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, жазыўшы ҳәм шайыр Яқыпбай Әжимов, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси бөлим баслығы Минаж Мәмбетовлар әдил баҳалап барды.

Сахналық көринислердиң ҳәм оған қойылған баллдың нәтийжелерине муўапық, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Жайҳун» командасы 48 балл менен 1-орынды, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының «Жаслар» командасы 47 балл менен 2- орынды, Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнер институты Нөкис филиалы «Art life» командасы 44 балл менен 3-орынды ийеледи.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Жаслық» командасы 43 балл, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы «Таң нуры» командасы 41 балл, Ташкент педиатрия медицина институти Нөкис филиалының «Гигея» командасы 39 баллды қолға киргизди.


Сахибжамал Есемуратова
Фото: Баўыржан Ботабаев