
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 5-июльдеги ПФ-5106-санлы пәрманына муўапық, Өзбекстан жаслар аўқамының белсенди ағзаларының контракт суммаларының 35%ин төлеп бериў нәзерде тутылған еди.
Усы пәрманға муўапық, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының 1 студентине контракт суммасының 35%и төлеп берилди.
Мағлыўмат ушын, жоқары оқыў орынларына қосымша контракт (супер контракт) тийкарында оқып атырған студентлер 2-курс ўақтынан баслап қатнасыўы мүмкин. Сондай-ақ, мүддетли әскерий хызметти атқарып келип, әскерий бөлимниң усыныснамасына муўапық төлемли-контракт тийкарында оқып атырған ҳәм Аўқам тәрепинен материаллық жәрдем берилип атырған студентлер буған қатнаса алмайды.
Сахибжамал Есемуратова