Усы жылдың 20-апрель сәнесинде «Менинг фикрим» порталы жумыс баслағаны ҳаққында хабар берилген еди.
Арадан бир ҳәпте өтип, порталда дәслепки онлайн-петициялар пайда болды. Атап айтқанда, «Мектеплерде оқыўшылардан, олардың ата-аналарынан пул жыйнаўды тоқтатыў ҳәм буған жол қойған шахслар жуўапкершиликке тартылыўы керек» деген атамада мүрәжат киргизилген болып, онда «усы унамсыз иллет бүгин тоқтатылмаса, келешекте балаларымыз мектеплерде оқыўдың орнына, айтылған қаржыны жеткере алмағаны ушын оқытыўшы ҳәм класларының алдында өзин жерге урылғандай сезиўи, бул болса олардың руўхый жағдайы және оқыўына деген қызығыўшылығының төменлеўине себепши болыўы мүмкин» деген мазмундағы пикирлер алға сүрилген,
деп жазады Xabar.uz.
Бул онлайн-петиция ҳәзирги күнге шекем 70 тен аслам даўыс жыйнаған. Даўыс бериў 90 күн даўам етеди. Мүрәжат Олий Мажлис тәрепинен көрип шығылыўы ушын ол кеминде 10 мың даўыс топлаўы керек. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық халық депутатлары кеңеси көрип шығыўы ушын болса – кеминде 5000 даўыс, районлық ҳәм қалалық кеңеслери ушын – кеминде 1000 даўыс топланыўы зәрүр.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuzИслам Матеков.