Telegram karinform

Мәденият

  • 27.07.2017 17:46
  • 2837

«Спорт ТВ» телеканалына «миннетдаршылық» хаты (фельетон)

«Спорт ТВ» телеканалына «миннетдаршылық» хаты (фельетон)

«Спорт ТВ»ға рахмет, берекет тапсын! Жумыстан шаршап келгениңде, жаныңа жағатуғын көрсетиўлери менен шаршағаныңды шығарады, нервлериңди тынышландырады. Бир қарасаң бокс, бир қарасаң гимнастика, тағы бир қарасаң теннис трансляцияларын көрсетип атырған болады. Әсиресе, бизлердей салқын елде, қар тынбастан жаўа беретуғын, үстимизден «фуфайка», басымыздан жүннен тоқылған қалпақ түспейтуғын, футболка, шортик ҳәм «тапичка» не екенлигин билмейтуғын адамлар ушын ең жақсы спорт болған хоккей, лыжада ушыў, фигуралы ушыў, биатлон сыяқлы спорт түрлерин берип атырғаны бизлердей тамашагөйлердиң кеўиллерин Джамалунгма таўы сыяқлы көтермекте. Арасында берип қалатуғын футбол деп аталған бир тыйынға қымбат спорт түрин айтпағанда, жумысларыңыздан кеўлимиз толады.
Илажы болса, ҳешкимди қызықтырмайтуғын усы футболды көрсетпесеңиз жақсы болар еди. Расы менен де, футбол бизлерде кең тарқалмаған, минекей, мәселен, футбол федерациясы ямаса ПФЛ шөлкеми атына ғана, «бар ма, бар» типинде ислеп тур. Ол жерде ислейтуғынлар да бул спортқа улыўма қызықпайды, талабы болмағанлықтан ислеп жүр. Стадионларға қараң, трибуналар ҳәрдайым бос турады, адам келмейди. Қызық емес-тә. Тек ўәлаятларда ғана бундай емес. Олар бийталап, басқа ислейтуғын жумысы болмағанлықтан стадионға киреди, не ислесин басқа.
Елимизден футбол спорт түрин пүткиллей жоқ етиўдиң тәрептарыман! Ҳешким қызықпайды! Ойынлардың басланыў ўақтына қараң: 14:00, 15:30… Растан да, адам келмегеннен соң ойынның ўақтын қәлеген ўақытқа қоя береди. Саат 12 ге қойған болар еди, бирақ, футболшылар көп уйқлайды, саат 12 ден өткенде зооорға диваннан турады, «берекет тапқырлар»!
Балаларға деген итибарыңызды айтпасам да болады. Пүткил Өзбекистан сизлерге ақ пәтиясын бермекте! Әсиресе, тағы сол бир тыйынға қымбат болған «путбол» («питбол» ма, «питбулл» ма, не еди? Әйтеўир, сол зат) ўақтында 4-5 жаслы балалардың спортзалда ҳәз етип жүгирип жүргенин көрсетип атырғаныңызды көрип, көзлерим қуўанышқа толып кетеди. Болады екен-ғой, усындай затларды да берип турса, деп қояман. Сизлерге бир болған ўақыяны айтып берейин. Бир күни футбол бойынша Өзбекистан чемпионаты орайлық ойынларының бири көрсетилиўи керек еди. Усы футболды ким көреди өзи, деп басқа каналға өзгертпекши болып тур едим, футбол орнына балаларға арналған ток-шоу басланып кетти. Уҳҳ, қудайға шүкир, дедим де, келешегимиз болған жас әўладтың өз-ара ойын-заўыққа берилип жүргенлерин ҳәз етип көрдим. Ток-шоу ақырында балаларға ҳәр қыйлы саўғалар берилди, балалар да қуўанып қалды. Қулласы, бир ярым саат зерикпейтуғын болдым! Я, футбол қайда қалды, дейсиз бе? Айтқандай, футбол ойыны сол күни Наманганда болып өтиўи керек еди. Эҳ, Наманганда өлим бар ма, усы жерде, пайтахтымыз Ташкентте сондай пайдалы «спорт түри» болып атырған бир ўақытта?!
Сизлерге гәп жоқ! Ҳәттеки, шолыўшыларыңыз да мәжбүр болғанлықтан футболға зорға шолыў жасайды, ҳәр бир сөзинде бирталай қәте. Бирақ, лыжада ушыўға жақсылап, эмоцияларға берилип шолыў жасайды, өйткени, қызығады да, заңғарлар. Не ислесин бийшаралар, футбол кең тарқалған спорт түри болмаса…
Ақыры, футбол бойынша бир мәрте болса да жәҳән чемпионатына шықпаған болсақ, қысқы спорт түрлеринен болса, Олимпиада чемпионлары, жәҳән чемпионлары шыққанынан хабарыңыз бар, атларын айтып отырыўым шәрт емес. Хоккейден бираз әўметимиз жүриспей тур, бирақ, қуда қәлесе, тағы алдынғыдай Россия ҳәм Канадалардың дәрежесине жетип аламыз, деп ойлайман.
Ҳәзирше айтпақшы болғанларым усы, гәплеримнен қапа болмайсыз деген ойдаман. Бирақ, футболды көрсетсеңиз де талап жоқ ўақытта көре беремен, неге дегенде Яри Литманенниң ҳүрмети ушын көриўим керек шығар.
Ҳүрмет пенен Финляндияны сүйип қалыўшы – Тайко Кененин Ихалайненович.

Темур Малик
Fayzbog.uz сайтынан алынды.

Қарақалпақшалаған: Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

    1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң my.gov.uz дағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады,

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 561-статьясына бола, жумыс орынларында, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, спорт-саламатластырыў мәкемелеринде, өрт шығыў қәўпи...

Гандбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада-2022» спорт жарысларының финал басқышында 2-орынды ийеледи

Гандбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада-2022» спорт жарысларының финал басқышында 2-орынды ийеледи

    Усы жылдың 16-20-январь күнлери аралығында Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы қаласында ерлер арасында гандбол бойынша «Универсиада-2022» спорт