
Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен абитуриентлерге арнаўлы руқсатнама қағазлары 29-июль сәнесинен баслап тарқатылыўы анық болды.
Бул ҳаққында Өзбекистан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов басшылығындағы улыўмалық видеоселектор мәжилисинде айтып өтилди.
Сондай-ақ, мәжилисте президенттиң «2017-18 оқыў жылында Өзбекистан Республикасы жоқары оқыў орынларына қабыллаў ҳаққында»ғы қарары ҳәм «Өзбекистан Республикасы Қураллы күшлерин реформалаў ҳәм және де раўажландырыў ўазыйпаларын әмелге асырыў бойынша ис-илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы бойынша жағдайлар додаланды.
Сахибжамал Есемуратова