Telegram karinform

Мәденият

  • 28.07.2017 18:08
  • 2110

«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

Өзиниң әпиўайы, бирақ нағыз қарақалпақ халқына тән болған характери арқалы бизиң сүйкимли қаҳарманымызға айланған, санаторияны курорт деп есаплайтуғын инсан ҳаққында исленген «Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы, қызықлы диалогларды дыққатларыңызға усыныўды мақул деп есапладық.

Дайыма бой бермеген ҳәўиз маған бой бере ме!?
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Набада машын-пашын қағып кетсе…
- Ҳаў, мен машын жолға шықпайман-ғо.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Гәптиң қысқасы, саған саўғамыз бар, дайы. Өтемис, бағанағы конвертти бер.
- Әй, қалалылар-ай, ақшаны да конвертке салады.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Мынаў, саған жоллама, дайы.
- Ҳаў, не жоллама? Қаяққа?
- Қорқпай-ақ қой, анаяққа емес…
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Курортқа.
- Курортқа?! Әй, сизлерәм адамды масқара еткенди қоймайсыз. Курортқа барып мен не баслықпан ба?
- Әне, айттым-ғо, ийтке сарымай жақпайды, деп.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Лекин жол кирейиңди өзиң табасаң.
- Ҳаў, мен қаяқтан табаман?
- Қаяқтан болатуғын еди?! Малың бар емес пе?
- Әй, мал болғанда гөрме, 14 пе, 15 пе қалдығо.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Бирақ бир шәрти бар, дайы…
- Ол қандай шәрт?
- Мына муртыңды алдырасаң. Мурт пенен киргизбейди.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Сүти қалай буның?
- Сүти деген қоп-қойыў. Тап бир шелек сүт береди.
- Мезгилге ме?
- Мезгилге бергенде сатамыз ба, қосшым!
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Ҳаялың қаяқта?
- Жоқ. Екеўинәм қосып урлап кеткен. Баспақ пенен үшеў.
- Ҳаялыңның үстинде қандай көйлек бар еди?
- Ҳаялды қойып турса, иним. Сыйырды таўып алайық та.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Ҳә, әне сумка да келди.
- Мырзабай, ҳәй, мынаўын зор екен-әй. Үй бетте де айдаўға бола ма?
- Аўа, пунктке пахта тасыўға да болады.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Нөкистен шықпай атырып, мынаў таяқ жеп атырғаным. Ташкентке барсам өлтирип кетеди мени.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Ҳәй бала, мени қаяққа апаратырсаң?
- Бул туннельғо ақсақал. Жер асты жолы.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Апа, мынаған метр жетпейди-ғо…
- Ммм, яқшы, қосып жазамыз-ғо.
- Жаңа носкийимди шешкенимде жететуғын еди.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

Қайерге барсаң шешин, шешин дей бередәй…
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Жуўап бере алмайман. Бар, бас шыпакерге бар.
- Басы, аяғы деп жүргенде өлип қалады-ғо ол.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Нөкиске бир билет бер, қарағым.
- Нөкиске орын жоқ.
- Маған орынның кереги жоқ, тикейип-ақ бара беремен.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Қайерге келдик?
- Ҳәә, Жиззахқа келиппиз. Жиззахтан өтип баратырмыз.
- Ааа, мен Ферғанаға келген шығармыз деп ойлап едим.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Даа-даа!
- Қуўатсаң ба?
- Аўа. Мен.
- Мен Сарыбайманғо. Нөкистен. Қаяқтасаң?
- Ҳаў, қаяқта болатуғын едим?! Автобустаманғо.
- Онда не телефонды алмайсаң? Ташқарида деп турғо.
- Ташқарида? Мен ҳеш жаққа шыққаным жоқ.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Ҳе, аманлық па?
- Автобустың номерин сорап атыр. Соны айтып жибердим.
- Әй, яшуллы-ай. Меннен сорағанда болмайтуғынбеди?
- Әй, инимай, сен түсип көргенде не, мен түсип көргенде не.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Тез ана телевизорды қой. «Ташкент»ке қойып жибер. Мени көрсетип атырған шығар. Көриндим бе?
- Яқ, аға кино болып атырғо.
- Онда ана шекесинде жапырағы бар каналға қой.
- «Ёшлар»дан ба? Бокс болып атыр.
- Не қылған бокс? Бул жерде ҳешким бокслесип атырған жоқ, балам.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Алло, ағасы, еситип атырсаң ба? Баламыз… Баламыз…
- Баламыз? Не боп қалды?
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Алло.
- Әй, сен балаңның ана несин еситтиң бе?
- Еситип, киятырманғо.
- Сен аўылға нетпей келе бер. Мырзабай, бәримиз усы жердемиз. Апамлар, әғайинлер – ҳәмме жыйналды.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

- Шәйдиң дәмин сездиң бе?
- Яқ.
- Өзимиздиң сыйырдың сүти турып, пәшкили сүтке жуўыра бередиғо.
«Курорт» фильминдеги қулаққа жағымлы диалоглар (+фото)

Таярлаған: Ислам МАТЕКОВ.

Бул материалды автордың руқсатысыз басқа веб-сайтлардың көширип алыўы қадаған етиледи!!!
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Уқсас жаңалықлар

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

    Өзбекстан Республикасы Конституциясында Билимлендириў шөлкемлери аймағында ҳәм аудиторияларында телефонлардан пайдаланыў тәртиби белгиленген. Билимлендириў шөлкемине келгенде

Педагогларды абаданластырыў жумысларына тартыў мүмкин емес

Педагогларды абаданластырыў жумысларына тартыў мүмкин емес

    Фото: Шерзод Икрамутдинов / “Gazeta.uz” «Педагоглардың мәртебеси ҳаққында»ғы ӨРН-901-санлы Нызамның 5-статьясына муўапық, педагогды кәсиплик искерилиги

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...