Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.05.2018 00:30
  • 1732

Жақында заманагөй ҳәм миллий «АРБА» орайы ашылады

Жақында заманагөй ҳәм миллий «АРБА» орайы ашылады

Жақында Қанлыкөл районындағы «Наўрыз» АПЖ аймағында «Арба» бренди астында этномәдений орай ашылады. Тийкарынан бул орын халықлар дослығы символы болады.
«Туризм бойынша тарийхый орынларымыз жоқ деп отыра алмаймыз. Биз буны өз қолымыз бенен жаратып атырмыз», - деди Қанлыкөл районы ҳәкиминиң орынбасары Қурал Абдикаримов.
Бул жерде үстине отынлар тийелген ағаштан исленген үлкен арба орнатылған. Оның астында киши дем алыў орны бар. Бул әлбетте, тек ғана жергиликли халықта емес, ал туристлерде де қызығыўшылық оятыўы анық.
Сондай-ақ, бул жерде түркмен, қырғыз ҳәм қазақша қара үйлер жайластырылған. «Арба» усы жылдың 25-26-май күнлери ашылыўы режелестирилген.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...