Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.05.2018 11:58
  • 1709

Журналистлер аўқамы «Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўын жәриялады



Журналистлер аўқамы «Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўын жәриялады. Бул ҳаққында ӨзАға тийкарланып, Daryo.uz хабар бермекте.
«Ҳүрметли кәсиплеслер! Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы сизлерди «Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўына қатнасыўға шақырып қалады», - деп жазылған хабарда.
Таңлаўға 2017-жылдың 1-июнынан 2018-жылдың 1-июнына шекемги газета ҳәм журналларда, интернет басылымларында жәрияланған материаллар, эфирге берилген телекөрсетиў ҳәм радиоеситтириўлер қабыл етиледи.
Материаллар таңлаўға редакциялардың усынысы менен Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының Қарақалпақстан Республикалық ҳәм ўәлаятлық бөлимлери арқалы усы жылдың 5-июнына шекем автордың жумыс орны, телефоны, мәнзили ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм паспорт нусқасы қосып тигилген формада усынылыўы керек.
«Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўының жеңимпазларына диплом және қымбат баҳалы саўғалар Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине арнап 27-июньда өткерилетуғын байрам илажында тапсырылады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен

Жүрек ушын пайдалы ишимликлер

Жүрек ушын пайдалы ишимликлер

    Суў Егер суў жеткиликли болмаса, қан қойыўласып баслайды ҳәм жүрек тез ислейди, бул оның шаршаўына