Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.05.2018 13:02
  • 1826

Мәжбүрий мийнеттиң қандай көринислери бар? Қандай жумыслар мәжбүрий мийнет есапланбайды? (толық)



Соңғы ўақытлары мәжбүрий мийнет мәселеси күн сайын актуалласып бармақта.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» видеоблогында мәжбүрий мийнет мәселесине байланыслы нормаларға түсиник берилди, деп жазады Kun.uz сайты. Онда былай делинеди: «Конституциямыздың 37-статьясына муўапық, ҳәр бир шахс мийнет етиў, еркин кәсип таңлаў, әдил мийнет шараятларында жумыс ислеў ҳәм нызамда көрсетилген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықына ийе.
Суд қарары тийкарында белгиленген жазаны атқарыў тәртибинен ямаса нызамда көрсетилген басқа жағдайлардан тысқары мәжбүрий мийнет қадаған етиледи».

Мәжбүрий мийнет не ҳәм ол қандай көринислерге ийе?
Мәжбүрий мийнет – белгили бир жазаны қолланыў менен қорқытыў арқалы жумысты орынлаўға мәжбүрлеў болып табылады. Яғный ҳеш ким шахсты жумыстан шығарып жиберемен, айлығыңды кемейтемен, лаўазымыңды түсиремен ҳәм усы сыяқлы қорқытыўлар менен мәжбүрий мийнетке жегиўи мүмкин емес.

Төмендеги жумыслар мәжбүрий мийнет есапланбайды:
- әскерий ямаса альтернативалық хызмет ҳаққындағы нызамлар тийкарындағы жумыслар;
- айрықша жағдай жүз берген шараятлардағы жумыслар;
- судтың нызамлы күшке кирген қарарына муўапық қолланылатуғын жумыслар;
- нызамда нәзерде тутылған басқа жағдайларда орынланыўы керек болған жумыслар мәжбүрий мийнет деп есапланбайды.

Демек, жоқарыдағы көрсетилген жағдайлардан тысқары хызметкерди мәжбүрлеў ямаса қорқытыў, жаза қолланыў, мийнетин хошаметлеўди шеклеў сыяқлы усыллар арқалы тиккелей лаўазымлық ўазыйпасына кирмейтуғын ҳәр қандай жумысқа тартыў мәжбүрий мийнет деп табылады.
Хызметкерлерди олардың разылығысыз абаданластырыў, мәўсимлик аўыл хожалығы ҳәм қурылыс жумысларына, сондай-ақ, ҳәр қыйлы илажларға тартыў сыяқлылар да мәжбүрий мийнеттиң көринислери деп баҳаланады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...