Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.05.2018 17:05
  • 2064

Жоқары оқыў орынларында илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректор лаўазымы енгизиледи



Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Экономикалық тармақлар ҳәм тараўларға инновацияларды енгизиў механизмлерин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта-арнаўлы билимлендириў министрлиги, Илимлер академиясының:
- жоқары оқыў орынларында илимий ислер бойынша проректор лаўазымының орнына илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректор лаўазымын енгизиў;
- Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы илимий-изертлеў мәкемелери директорының илимий ислер бойынша орынбасарларын бир ўақытта тийисли жөнелистеги жоқары оқыў орынларының илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры лаўазымларына тайынлаў;
- жоқары оқыў орынлары структурасында инновациялық қорлар ҳәм илимий-инновациялық жойбарларды қаржыландырыў бойынша бөлимлер шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына разылық берилген.
Қарарда белгилениўинше, жоқары оқыў орынларының илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректорларын лаўазымға тайынлаў Өзбекстан Республикасының Инновациялық раўажланыў министрлиги менен келисилген ҳалда әмелге асырылады.
Қарардың толық тексти менен ғалаба хабар қуралларында танысыўыңыз мүмкин.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

Ҳаўаның патасланыўы қантлы диабеттиң келип шығыў қәўпин арттырады

Ҳаўаның патасланыўы қантлы диабеттиң келип шығыў қәўпин арттырады

    Алымлар экологиялық жақтан қолайсыз аймақларда жасаўшы адамларда қантлы диабеттиң екинши түриниң раўажланыў қәўпи артыўын анықлады.

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

    Пуқаралық кодекстиң 195-статьясына тийкарланып, қараўсыз ямаса адасып қалған шарўа малларын яки баска қараўсыз үй ҳайўанларын