Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.05.2018 19:28
  • 1774

Қоянның ерни не себеп жырық? (Аңызлар тилге киргенде…)

Қоянның ерни не себеп жырық? (Аңызлар тилге киргенде…)

Бир коян ойланып отырып, өз-өзинен қатты қапа болыпты. Бул дүньяда меннен бахытсыз ҳəм қорқақ ҳайўан бар ма екен? Неге дегенде мен ҳəмме нəрседен қорқаман, жүргенде, жуўырғанда өзимниң тысырлымнан жүрегим жарылып өле жазлайман, оның үстине ҳəмме жанлы мақлуқ меннен күшли ҳəм батыр, деп налынып отырған екен. Қанша ўақыт ойланып отырғанын ким билсин, ең ақырында ол «бундай болып қорлықта, көлеңкемнен қорқып жүргенше өзимди-өзим суўға таслап өлгеним жақсы» - деп дәрья тəрепке жол алыпты. Жолда өлиминиң ақыбетин ойлап сүмирейип, киятырса алдынан қуйрығын былғап бир түлки шығыпты. Ол қоянға қарап:
- Қоян әғайиним жол болсын? - депти.
- Эй түлки аға, мениң жол болсынымды сорап не қылайын деп едиң. Мен бир қудай ғарғаған жанман, меннен қорқақ мақлуқты хеш жерден таба алмассаң, сол ушын өзимди суўға таслап өлейин деп кетип баратырман.
Түлки ўаха-ўахалап қатты күлипти, қатты кулгени соншели тоғай иши көп ўақытқа шекем жаңғырып турыпты. Түлки күлкисин зорға басып алып:
- Ҳəй, ешек мийин жеген қояным-ай, қарап жүрип өзиңди өлтирип, бул дүньяны қалай қыйып кетпекшисең? Бул дүньяда сен түўе, сеннен де беттер қорқақлар аз емес, - депти. Қоян əдеўир ўақыттан кейин өзине келип, түлкиниң сөзине инанып, өзин жеңил сезипти.
Қоян иним изиме ер қорқақтың ким екенин көрсетип беремен. Сонда сен өлиў мəселесин мүмкин ядыңнан шығарарсаң, - депти.
Түлки менен қоян екеўи дүньяда қорқақ жанды излеп жолға түсипти. Көп жол жүргеннен кейин шаршап үлкен жаптың бойында дем алыпты. Сол мəҳəлде есапсыз қой-ешкилердиң киятырғанын көрипти.
- Қорқақтың əкесин енди көресең, әғайиним қарап түр, - деп қоянды түртипти. Қой-ешкилер жақынлап келгенде түлки бар даўысы менен «пақ…қ».. - деп жиберди, қойлар бир-биринен қорқып тура қашыпты.
Олардың ҳеш нәрсеге қарамай, қуйрықлары селк-селк етип қашып баратырғанын көрип қоян менен түлки ишек-силеси қатып күлипти.
Қоян өзиниң күшиниң барынша, шамасының жеткенинше күлипти. Ол сондай күлипти, ҳəттеки еринлериниң жыртылып кеткенин де сезбей қалыпты. Соннан берли қоянның ерни жырық болған.


Топлаған: Гәўҳар БЕГЖАНОВА
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Шахмат жарысы жеңимпазларына футболка ҳәм майкалар берилгени бойынша Халық билимлендириў министрлиги рәсмий мүнәсибет билдирди

Шахмат жарысы жеңимпазларына футболка ҳәм майкалар берилгени бойынша Халық билимлендириў министрлиги рәсмий мүнәсибет билдирди

    Социаллық тармақларда Нөкис қаласындағы 38-санлы улыўма билим бериў мектебинде спорттың шахмат түри бойынша мектеп оқыўшылары

Сәл кем ярым әсирлик тәжирийбеге ийе журналист пенен ушырасыў

Сәл кем ярым әсирлик тәжирийбеге ийе журналист пенен ушырасыў

    Усы жылдың 7-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң журналистика

Не ушын азанғы, түски ҳәм кешки ўақытларда жәмийетлик транспортлар жетиспеўшилиги бақланбақта? Транспорт министрлиги мағлыўмат берди

Не ушын азанғы, түски ҳәм кешки ўақытларда жәмийетлик транспортлар жетиспеўшилиги бақланбақта? Транспорт министрлиги мағлыўмат берди

    Соңғы ўақытларда республикамызда халқымыздың жәмийетлик транспортларға болған талабы бирқанша артып, азанғы, түски ҳәм кешки ўақытларда