Ислам – жеңиллик дини. Мөмин-мусылманлардың жуўапкершилигине олардың сабырлы болыўынан басқа артықша миннет жүкленбейди. Денсаўлығы ямаса басқа себеплер менен Рамазан оразасын тута алмайтуғын адамлар да арамызда бар. Хош, олар кимлер?
Муқаддес динимизде төмендеги шахсларға ораза тутпаўға руқсат етилген:Наўқаслар. Ораза тутқан адам кеселлигиниң күшейиўинен ямаса денсаўлығының тиклениўинен яки қандайда бир мүшесине зыян жетиўинен қорқса, ол ораза тутпаўы мүмкин. Наўқас саўалғанынан соң Рамазан айында тутпаған оразасының орнын тутып бериўи керек.
Сапардағы адам. Сапарға шыққанда оның қанша даўам етиў ўақты нәзерде тутылады. Егер жолға шыққанларға ораза тутыў қыйын болмаса, оның ораза тутқаны жақсы. Таң атқаннан соң сапарға шығылса, сол күнги оразаны бузбаған мақул. Жолға шыққан адам сапарда тута алмаған оразасын кейин тутып береди.
Ҳәмиледар ҳәм емизиўли ҳаял. Ҳәмиледар ямаса емизиўли ҳаял ораза себепли өзине ямаса перзентине зыян жетиўден қорқса, ораза тутпағаны мақул болады.
Кексе адамлар. Булардың қатарына қартайып, дәрманы кеткен адамлар, саўалыўына үмит қалмаған наўқаслар, кемпирлер киреди. Бундай адамлар кейин ала да ораза тута алмағаны себепли тутып бермейди, ал ораза тутылмаған ҳәр бир күн ушын фидя береди. Еслетип өтемиз, быйылғы фидя муғдары кеширимли себеплер менен ораза тута алмайтуғын адамлар ушын бир аш адамның бир күнлик азық-аўқаты муғдарында болып,орташа 12 000 (он еки мың) сум етип белгиленген.
Қатты аш болған ҳәм шөллеген адам. Егер ораза тутқан адам оразасын ашпаса, қайтыс болыўына ямаса есинен кетиўине яки айрым сезиў органлары ислемей қалыўына анық исенсе, оразасын ашыўы мүмкин. Соң усы тутпаған күнлери ушын ораза тутып бериўи керек.
Етек келген ҳаяллар. Ораза тутыў ўақтында етек келген ҳаяллардың ораза тутыўы мүмкин емес. Олар пәкленгеннен соң қалдырған оразасын тутып береди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuzИслам Матеков.