Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.05.2018 11:16
  • 1659

Қытай шаңарақлардағы перзентлер санына қойылған шеклеўди пүткиллей бийкарламақшы



Қытайдың ҳүкимран шеңберлери шаңарақтағы перзентлер санына қойылған барлық шеклеўлерди пүткиллей бийкар етиўди көрип шықпақта. Бул ҳаққында «Meduza»ға тийкарланып Qalampir.uz хабар бермекте.
Қытай басшылары бул арқалы халықтың орташа жасын жасартыў нийетинде. Сондай-ақ, бул қарар Қытай ҳүкимран шеңберлериниң туўылыўды шеклеў сиясатын инсан ҳуқықларының бузылыўы деп есаплайтуғын ҳуқық қорғаўшыларының сын пикирлерине шек қояды.
Мағлыўмат ушын, Қытай 1970-жылдан берли «бир шаңарақ – бир перзент» сиясатын алып барған. Соңғы ўақытлары бул қағыйда халықтың үштен бир бөлегине қолланылып атырған еди.
Усы сыяқлы шеклеўлер себепли Қытай мийнет етиўге уқыплы халықтың қысқарып кетиўи сыяқлы қурамалы машқалаға дус келди.
Буннан соң 2016-жыл 1-январьдан баслап «бир шаңарақ – бир перзент» қағыйдасы рәсмий түрде бийкар етилген еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

    Ҳүкимет қарары менен Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде студентлерге грантларды бериў ҳәм қайта бөлистириў тәртиби ҳаққындағы реже