Telegram karinform

Экономика

  • 23.05.2018 14:00
  • 1877

Өзбекстанда криптовалютаның легалластырылыўы мәселесине анықлық киргизилди

Өзбекстанда криптовалютаның легалластырылыўы мәселесине анықлық киргизилди

Бөлистирилген реестр (блокчейн) технологиялар бойынша ўәкилликли орай криптовалюталар менен шуғылланбайды. Бул ҳаққында «Mirzo Ulugbek Innovation Center» (MUIC) бас директоры Фарҳод Ибрагимов мәлим етти, деп жазады Daryo.uz Kommersant.uz сайтына силтеме берип.
Усы жылдың февраль айында Президент Шавкат Мирзиёев MUIC жанында Бөлистирилген реестр технологиялар бойынша ўәкилликли орай шөлкемлестириўди мақуллады. Көпшилик ғалаба хабар қураллары буны блокчейн технологиясы тийкарында ислейтуғын криптовалюталарды легалластырыўға қаратылған сигнал сыпатында қабыл етти.
«Орайдың тийкарғы ўазыйпалары – блокчейн технологиясын тарқатыў ушын шараятларды жаратыў ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў. Биз криптовалюталарды раўажландырыў менен шуғылланбаймыз», - деп айтып өтти Ибрагимов.
Өзбекстан Орайлық банки криптовалюталар бойынша бирнеше мәрте түсиник берип, оларды терроризмди қаржыландырыў ушын қурал деп атаған. Криптовалютадан аноним пайдаланыў себепли қаржылардың нызамсыз айланысы ҳәм алдаўшылық ҳалатлары көбейеди, бул болса, өз гезегинде, бирнеше еллерде жасырын экономиканы раўажландырыўға хызмет етеди.
Өзбекстанда криптовалюта статусы анықланбаған (оларды қолланыўға жол қойылмайды, бирақ бул қадаған етилген нәрсе емес) болса да, Орайлық банк халыққа криптовалюталар менен қандайда бир операциялар өткериўди усыныс етпейди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин. Бул бойынша нызам жойбары жәмийетшиликтиң...