Лондонның «Арсенал» клубына испаниялы қәниге Унаи Эмери тренерлик ететуғын болды. Бул ҳаққында клубтың рәсмий сайты хабар берди.
Хабарыңыз бар, быйылғы жылғы мәўсим жуўмақланғаннан кейин канонирлерге 1996-жылдан берли тренерлик етип келген Арсен Венгер өз хызметин жуўмақлады. Франциялы тренер 22 жыл ишинде «Арсенал» менен 17 үлкен-киши жарысларға катнасып, жақсы нәтийжелерге ерискен.
Жаңадан келген бас тренер усы күнге шекем Париждиң «ПСЖ» клубына тренерлик еткен еди. Ол парижлилер менен Франция чемпионаты, кубогы, лига кубогы ҳәм суперкубогын қатарасына еки мәрте жеңип алды. «ПСЖ»ға шекем Испанияда «Лорка Депортиво», «Альмерия», «Валенсия» ҳәм «Севилья» командаларына тренерлик еткен. Әсиресе, «Севилья» менен Европа лигасында үш мәрте теңсиз атанған. Сондай-ақ, Москваның «Спартак» клубын да басқарған.
- Дүньядағы ең белгили клубқа тренерлик ететуғынлығымнан қуўанышлыман. «Арсенал»дың ойнаў шеберлигин, футболшыларын ҳәм ықласбентлериниң өзгешеликлерин ҳәмме биледи. Стадионы да әжайып. Усындай уллы клубқа бас тренер болып, оның жаңа тарийхын баслаў ушын келгенимнен қуўанышлыман, - деген Унаи Эмери.
Еслетип өтемиз, «Арсенал» быйылғы мәўсимде Англия премьер-лигасын 6-орында жуўмақлады. Клуб келеси мәўсимде Европа лигасында ойнайды.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuzИслам Матеков.