Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.05.2018 20:52
  • 1381

Арыўхан Турекеева: Урыс ўақтында тылда хызмет еткен 98 жаслы Минайхан Өтепбергенованы ҳешким еске алмады

Арыўхан Турекеева: Урыс ўақтында тылда хызмет еткен 98 жаслы Минайхан Өтепбергенованы ҳешким еске алмады

Усы жылдың 16-апрель күни ҳурметли Президентимиз тәрепинен «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы шығарылған еди. Бул қарардың орынланыўы республикамыз бойлап орынларда әмелге асырылды. Бирақ, бул сапары урыс ўақтында тылда хызмет еткен 98 жаслы Минайхан Өтепбергенованы ҳешким еске алмады.
Бул ҳаққында Арыўхан Турекееваның республикалық «Қарақалпақстан жаслары» газетасының 2018-жыл 24-май сәнесиндеги №21 санында «Неге сизди умытамыз, апа?» атамасындағы мақаласында келтирип өтилген.
Мақалада келтирилиўинше, Минайхан Өтепбергенова 1920-жылы Қараөзек әтирапында туўылған. Шымбайдағы мектепте 7-классқа шекем оқыған. 1940-жылы Хожабай аға менен турмыс қурған ҳәм бир жылдан соң күйеўи урысқа кеткен. 1945-жылы 8-майда үш жеринен жараланып урыстан қайтып келип шаңарағына қуўысады. Соң бес перзентли болып, бүгинги күнде олардан 29 ақлық, 67 шаўлық, 3 қуўлық көрген. Ал, Хожабай аға болса, 67 жасында дүньядан өткен.
«Келин болып түскен ўақытларымда күйеўим урысқа кетти. Соның қасына барсам, қасында жүрсем деген жас көкирек пенен 1941-жылы «Катақорған»ға бардым. Ол жерде мен сыяқлы келиншеклерди урыста жарадар болғанларды емлеў ислерине таярлайды екен. Мен де таярландым. Бирақ, медициналық көриктен өткеннен соң еки айлық ҳәмилем барлығы анықланып, мени урысқа жибермеди», - дейди Минайхан апа өткендеги аўыр күнлерин еслеп.
«Бүгинлигинде тылда хызмет еткен апаларымыз ҳәм ағаларымыз бармақ бүгин санарлықтай. Неге олардың дизимин берип, керек жеринен ҳақыларын талап етпейди?» деп жан күйдирип жазады журналист өз мақаласында.
Арыўхан Турекеева Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары Убайхан Қалилаев ҳәм районның «Нураный» қорының баслығы Өмирбек Толыбеков пенен байланысып, усы аўылдан 19 адамның дизиминиң берилгенлиги ҳәм олардың барлығына саўғалар алып барып берилгенлигин анықлаған.
- Урыстың азабы бир өмирге есимнен шықпайды. Жигит ағам Умбетбайдың 1941-жылы 9-февраль күни жиберген хатын еле сақлап қойыппан, - дейди Минайхан апа журналист пенен сәўбетинде.
Мақала соңында журналист «Бул үлкен машқала ямаса биреўдиң кемшилиги деп те қараўға болмайды. Бирақ, усындай инсанларды рети менен хошаметлеп, сәлем берип турсақ, ҳеш кыйын тәрепи жоқ шығар деп ойлаймыз», деп өз пикирин билдирген.

Биз буның менен ҳешкимге шағым етпекши емеспиз, тек ғана жәрияланған материалды және бир мәрте жәрияладық.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...