Россияның «Росатом» корпорациясының бас директоры Алексей Лихачёв Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен ушырасыўы даўамында Өзбекстанда атом электростанциясын қурыў мәселеси додалаўлар орайына айланғаны ҳаққында мәлим етти. Kun.uz усы ҳаққында
хабар бермекте.
Лихачёвтың сөзлерине қарағанда, АЭС 2 блоктан ибарат болады. Сондай-ақ, ҳүкиметлер аралық келисим, шәртнама, объектти пайдаланыўға тапсырыў мүддетлери, кадрлар таярлаў мәселеси де көрип шығылған.
«Өзбекстан ҳәзирги ўақытта изертлеў реакторы жумысларын қайта жаңаламақта. Бирақ, заманагөй ядролық технологиялар ҳәм үлкен қуўатлылықтағы станциядан пайдаланыў көплеген қәнигелер ҳәм бирнеше тараўлардың раўажланыўын талап етеди. Бунда шама менен 10 мыңға шамалас қәнигелескен кадрлар зәрүр болады. Станциядан пайдаланыўдың өзине 1500-1600 жумысшы керек. Олар зәрүрли таярлықтан өтиўи керек. Президент бизге қәнигелерди мүмкиншилиги болғанынша Россияда таярлаў ўазыйпасын жүкледи. Сондай-ақ, бул жерде барлық зәрүрли шараятлар жаратылыўы кереклигин айтып өтти. Бүгин Өзбекстанда МИФИ (Россия миллий ядролық изертлеў институты)диң филиалын ашыў, «Росатом» академиясында қәнигелерди таярлаў мәселеси де додаланды.
Өзбекстан Россияға Наўайы ўәлаятында АЭС қурыўды усыныс етти. Өзбекстан Президенти ҳәм Бас министри бизге Наўайы ўәлаятындағы майданша ҳаққында айтып өтти. Жақын күнлер ишинде ол жерге жол алып, мағлыўмат топлаўды баслаймыз», - деди Лихачёв.
Оның атап өтиўинше, Өзбекстанда АЭС қурылысы жойбарын әмелге асырыў ушын тийисли мәмлекетлик орган шөлкемлестирилиўи керек, ол республикадағы атом тараўын тәртипке салады.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuzИслам Матеков.