«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасының нәўбеттеги сабағында инглис тилиндеги гәп ағзаларының қолланылыў тәртибин қарақалпақ тилине салыстырмалы түрде үйренемиз.
Қарақалпақ тилинде баслаўыш, баянлаўыш, анықлаўыш, толықлаўыш ҳәм пысықлаўыш сыяқлы 5 түрли гәп ағзасы бар.
Жоқарыда атап өтилген 5 гәп ағзасы инглис тилинде де бар, олар инглис тилинде төмендеги атамалар менен аталады:
Subject [ ˈsʌbdʒɪkt ] – баслаўыш
Predicate [ ˈpred.ɪ.kət ] – баянлаўыш
Object [ ˈɒbdʒɪkt ] – толықлаўыш
Adverbial modifier [ ˈæd.vɜːb ] [ ˈmɒd.ɪ.faɪ.ər ] – пысықлаўыш
Modifier attribute [ ˈmɒd.ɪ.faɪ.ər ] [ ˈæt.rɪ.bjuːt ] – анықлаўыш
Олардың ҳәр бирине өз алдына тоқтап өтсек.
Гәптеги ис-ҳәрекетти ким яки не ислегенин билдириўши гәп ағзасы есапланған Subject гәпте биринши қолланылады. Ал, баслаўыштың қандай ис-хәрекет ислегенин аңлатыўшы баянлаўыш гәпте 2-орында қолланылады.
Мәселен:
I’m writing - мен жазып атырман
He is listening - ол тыңлап атыр.
Қарақалпақ тилинде дәслеп баслаўыш соң толықлаўыш, ал баянлаўыш болса толықлаўыштан соң қолланылады.
Инглис тилинде болса, гәптеги басқа ағзаларды толықтырып келиўши Object яғный, толықлаўыш баслаўыш ҳәм баянлаўыштан соң қолланылады.
Subject (баслаўыш) + Predicate (баянлаўыш) + Object (толықлаўыш)
Демек, қарақалпақ тилиндеги мен жаз мәўсимин жақсы көремен сөзи инглис тилинде I summer love көрнисинде емес, I love summer тәризинде қолланылады.
«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасы менен инглис тилине байланыслы қызықлы мағлыўматларды оқыўыңыз ҳәм инглис тили бойынша лексикаңызды байытыўыңыз мүмкин. Бизиң сайтымызды дыққат пенен гүзетип барың, жаңалықлардан хабардар болың ҳәм билимиңизди жетилистириң.
Таярлаған: Сахибжамал Есемуратова