Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.07.2018 07:35
  • 1495

Karinform.uz: LESSON 29

Karinform.uz: LESSON 29

«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасының нәўбеттеги сабағында инглис тилиндеги гәп ағзаларының қолланылыў тәртибин қарақалпақ тилине салыстырмалы түрде үйренемиз.

Ис-хәрекеттиң орнын, ўақтын, ҳал-жағдайын, себеп-мақсетин, муғдар-дәрежесин билдириўши пысықлаўыш гәп ағзасы adverbial modifier-пысықлаўыш инглис тилинде баслаўыш, баянлаўыш ҳәм толықлаўыштан соң қолланылады.
Демек, мен ҳәзир хат жазып атырман гәпи I now a letter writing тәризинде емес, ал I’m writing a letter тәризинде айтылыўы керек.
Гәптеги баянлаўыш, толықлаўыш ҳәм пысықлаўышты анықлап келетуғын анықлаўыш қайсы гәп ағзасын анықлап келип атырғанына қарап, сол ағзадан алдын қолланылады.
Мәселен, Our lessons begin at 8:30 яғный, бул гәпте our баслаўыштың анықлаўышы сыпатында қолланылған.
We like our lessons, яғный, бизлер өзлеримиздиң сабақларымызды жақсы көремиз. Бул мысалда анықлаўыш толықлаўышқа тийисли ҳәм оннан алдын қолланылған.

Мысаллар:
I like the book very much – Мен мына китапты жүдә жақсы көремен.
She loves her sister – Ол қыз әжапасын жүдә жақсы көреди.
It isn\'t very difficult for me to understand them. They speak very slowly - Оларды түсиниў маған ҳеш қыйын емес. Олар дым әстен сөйлейди.
She\'s married to my cousin - Ол мениң жийениме турмысқа шыққан.
He\'s finished his work – Ол жумысын тамамлады.
She hasn\'t read the newspaper – Ол газетаны оқыған жоқ.
This interesting book belongs to my brother - Бул қызықлы китап мениң ажағама тийисли.
I\'ve brought you an interesting book – Мен саған қызықлы китап алып келдим.
I\'ve received an important fax – Мен әҳмийетли факсты қабылладым.
Ted\'s gone to Canada – Тед Канадаға кетти.

«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасы менен инглис тилине байланыслы қызықлы мағлыўматларды оқыўыңыз ҳәм инглис тили бойынша лексикаңызды байытыўыңыз мүмкин. Бизиң сайтымызды дыққат пенен гүзетип барың, жаңалықлардан хабардар болың ҳәм билимиңизди жетилистириң.

Таярлаған: Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Karinform.uz: LESSON 33

Karinform.uz: LESSON 33

«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасының нәўбеттеги сабағында футбол ҳәм усы спорт түри менен байланыслы болған сөзлердиң...

Karinform.uz: LESSON 35

Karinform.uz: LESSON 35

«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасының нәўбеттеги сабағында футбол ҳәм усы спорт түри менен байланыслы болған сөзлердиң...

Karinform.uz: LESSON 32

Karinform.uz: LESSON 32

«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасының нәўбеттеги сабағында инсанның минез-қулқын билдириўши сөзлердиң инглис тилиндеги аўдармасын үйрениўди даўам...